Халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў ушын 500 ден аслам хызметкер тренер сыпатында таярланды

7

Миллий статистика комитетинде Халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў бойынша исленип атырған жумыслар бойынша ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын брифинг болып өтти.

Брифинг даўамында Миллий статистика комитети баслығы халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажының тийкарғы мазмун-мәниси, оның әҳмийети, онлайн дизимнен өтиў тәртиби ҳәм усы мақсетте енгизилген арнаўлы мәлимлеме системасы ҳаққында мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўы ушын оғада әҳмийетли болған кең көлемли статистикалық илаж болып есапланады. Бул процесс арқалы халықтың саны ҳәм қурамы, жасаў шараяты, мийнет ресурслары, сондай-ақ, аўыл хожалығы тараўының реал жағдайы ҳаққында анық ҳәм исенимли мағлыўматлар қәлиплестириледи.

Алынған мағлыўматлар келешекте мәмлекетлик бағдарламалар, аймақларды раўажландырыў режелери ҳәм мәнзилли социаллық қарарларды ислеп шығыўда әҳмийетли тийкар болып хызмет етеди.

Дизимге алыў илажы Президентимиздиң 2025-жыл 19-сентябрьдеги тийисли пәрманына муўапық әмелге асырылмақта. Усы пәрманға тийкарланып, дизимге алыў процеси “мәҳәлле жетилиги” системасында жумыс алып барып атырған хызметкерлерди тартқан ҳалда шөлкемлестирилмекте.

Халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў еки басқышта өткериледи. Биринши басқышта, усы жылдың 15-31-январь күнлери пуқаралар арнаўлы шөлкемлестирилген интернет порталы арқалы онлайн дизимнен өтеди.

Соны есапқа алып, дизимге алыў процесслерин толық санластырыў мақсетинде арнаўлы мәлимлеме системасы ислеп шығылды.

Ол веб-платформа ҳәм мобиль версияларды өз ишине алады.

Екинши басқышта болса, 4-28-февраль күнлери “мәҳәлле жетилиги” системасы хызметкерлери тәрепинен үйме-үй жүрип, сораўнамалар планшет қурылмалары жәрдеминде толтырылады.

Дизимге алыў процесин нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде район-қалалар, ўәлаятлар ҳәм республикада штаблардың жумысы жолға қойылған. Анығырақ айтатуғын болсақ, мәмлекетимиз көлеминде 223 штаб дизимге алыў илажына таярлық көрмекте. Бул процессте қатнасып атырған “мәҳәлле жетилиги” системасындағы 55 мыңнан аслам хызметкерлер 3 басқышта оқытылып, әмелий процесслер менен олардың маманлығы арттырылды. Сондай-ақ, 100 ден аслам министрликлер ҳәм уйымлар және басқа да шөлкемлердиң 500 ден аслам хызметкери тренер сыпатында таярланды.

Буннан тысқары, таярлық жумыслары шеңберинде 2025-жыл декабрь айында республика бойынша 7 миллионнан аслам турақ жай объектлериниң GPS-координаталары анықластырылды. Бул да тарийхый процесслерден бири болды.

Миллий статистика комитети тәрепинен дизимге алыў процесслерин реал ўақыт режиминде бақлап барыў имканиятын беретуғын арнаўлы мониторинг дашбордлары ислеп шығылды. Бул арқалы ҳәр бир аймақ кесиминде жумыслардың жағдайы анық көринип турады.

Сондай-ақ, мәлимлеме системасының турақлы ислеўи ушын зәрүр сервер қуўатлықлары ажыратылған, мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеў бойынша тийисли илажлар көрилген. Пуқаралар тәрепинен усынылып атырған барлық мағлыўматлар нызамшылық талапларына муўапық қорғалады, жеке мағлыўматлар сыр сақланады ҳәм тек ғана статистикалық мақсетлерде қолланылады. Бул мағлыўматлар салық, ҳуқық қорғаў ямаса басқа қадағалаў уйымларына берилмейди.

Халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажына байланыслы улыўма түсиниклер, мультипликациялық роликлер, сораўнамаларды толтырыў тәртиби бойынша арнаўлы видеоқолланбалар, алдаўшылық жағдайларынан ескертиўши материаллар, OneID системасы арқалы дизимнен өтиў тәртиби, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер менен биргеликте тийисли видеороликлер ислеп шығылып, ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилди. Ҳәзирги күнге шекем орайлық телеканалларда 71 репортаж, аймақлық телеканалларда 200 ден аслам процесске байланыслы репортажлар эфирге узатылды. 50 ден аслам интернет басылымлары ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң телеграм каналларында болса 6 мыңнан аслам үгит-нәсиятлаў материаллары жәрияланды.

Соның менен бирге, белгили шахслар, спортшылар, депутатлар, жәмийетлик белсендилер ҳәм ҳәр қыйлы тараў ўәкиллериниң қатнасыўында 100 ден аслам үгит-нәсиятлаў интервьюлери таярланып, жәрияланып келинбекте. Бул процесс және даўам еттириледи.

Халық көп жыйналатуғын орынларда 400 ге шамалас үлкен көлемдеги баннерлер, 23 мыңнан аслам плакатлар орнатылды. Сондай-ақ, 300 ден аслам LED-мониторларда үгит-нәсиятлаў роликлери турақлы көрсетилмекте. Әсиресе, бир ғана Ташкент қаласында метро ҳәм автобуслар ушын 7 мыңнан аслам плакатлар орнатылды.

Дизимге алыўға байланыслы барлық процесслер халықаралық тәжирийбе ҳәм усынысларға муўапық және маман сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда әмелге асырылды ҳәм олардың унамлы жуўмақлары алынды.

Дизимнен өткериўдиң дәслепки нәтийжелери усы жылдың 1-июль сәнесине шекем, жуўмақлаўшы мағлыўматлар болса 2027-жылдың 1-июль сәнесине шекем жәрияланады.

Яғный, дизимге алыў нәтийжелери мәмлекеттиң бүгинги жағдайы ҳәм келешектеги раўажланыўы ушын әҳмийетли стратегиялық мәлимлеме дереги болып есапланады.

Гулноза Бобоева, ӨзА