Даӊқ ҳәм ҳүрмет сизге Ўатан қорғаўшылары!

19

Ўатанды қорғаў – сақшыларымыз ушын мақтаныш, муқаддес миннет, ар-намыс, турмыс мазмунына айланған түсиник. Усы күнлерде мәмлекетимиз бойлап 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы кеңнен белгиленбекте.

Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен пайтахтымыздың “Жаңа Өзбекстан” бағындағы Ғәрезсизлик монументине Қураллы Күшлер күш структураларының басшылығы ҳәм жеке қурамы тәрепинен гүл қойыў мәресими болып өтти.

Пайтахтымыздағы “Халықлар дослығы” сарайында 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы мүнәсибети менен салтанатлы илаж шөлкемлестирилди.

Оған Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының ўәкиллери, сенаторлар, депутатлар, Миллий гвардия, Қорғаныў, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар министрликлери, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, МҚХ Шегара әскерлери, Бажыхана комитети ҳәм басқа да әскерий тараў, ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери, ветеранлар, әскерлердиң ата-аналары, шаңарақ ағзалары мирәт етилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен байрам қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри, генерал-лейтенант Шуҳрат Ҳолмуҳамедов оқып еситтирди.

Қутлықлаўда атап өтилгениндей, бүгинги күнде халқымыз Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында үлкен жетискенликлер ҳәм шеклерди қолға киргизбекте. Турмысымыздың барлық тараў ҳәм тармақларында әмелге асырылып атырған шын мәнисиндеги тарийхый өзгерислерде Қураллы Күшлеримиздиң де мүнәсип үлеси бар.

Ҳақыйқатында да, дерлик он жыллық дәўир даўамында мәмлекетимизде болып атырған жедел жаңаланыў процесслери ўатанласларымыз, олардың турмыс тәризи, арзыў-нийетлери, ийгиликли мақсет-нийетлеринде өзиниң айқын көринисин таппақта. Өзиниң беккем позициясы, түпкиликли унамлы жаңаланыўлары менен дүньяға танылып атырған Өзбекстан тынышлықты сүйетуғын, исенимли, узақты гөзлейтуғын сиясаты менен дүнья жәмийетшилигинде барған сайын өзине тән абырай-мәртебеге ийе болып бармақта. Ҳәзирги ўақытта Ўатанымыз регионда тынышлық ҳәм турақлылықтың кепиллигин тәмийинлеўши тийкарғы күшке айланып үлгерди.

Кейинги жыллары мәмлекетимизде жақын қоңсы ҳәм узақ мәмлекетлер менен исеним ҳәм ҳүрметке тийкарланған, өз-ара пайдалы байланысларды жолға қойыўға тийкарғы әҳмийет қаратылмақта. Соның менен бирге, бул бағдарда Миллий армия системасын, әскерий тараўды түпкиликли реформалаў, оны заман талабына сәйкес түрде модернизациялаў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.

Өмирин жанажан Өзбекстанымыздың қорғаўы менен тығыз байланыстырған әскерлеримизди материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў, олардың абадан ҳәм мүнәсип турмыс кешириўи, шаңарақлық шараят ҳәм имканиятларын буннан былай да жақсылаў мақсетинде әҳмийетли социаллық илажлар турмысқа кеңнен енгизилмекте.

Соның менен бирге, Жаңа Өзбекстанның имканиятларынан пайдаланып камалға келип атырған жасларымызды Ўатанға садықлық, елдиң тәғдирине байланыслылық руўхында тәрбиялаў, жасларда белсенди пуқаралық позициясын қәлиплестириў мәселесине тийкарғы әҳмийет қаратылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң сәне қарсаңында Қорғаныў министрлиги системасындағы объектлерге сапары усы бағдарға байланыслы әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп бергени менен әҳмийетли болды. Президентимиздиң “Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының бир топар хызметкерлерин сыйлықлаў ҳаққында”ғы пәрманы сәнеге өзгеше көтериңки руўх бағышлады.

Бул бағдардағы барлық ҳәрекетлер, ийгиликли басламалар елдиң тәғдири, оның қәўипсизлиги, тынышлығы ҳәм парахатшылығы ушын тек ғана әскерлер емес, ал пүткил халқымыз, ҳәмме жуўапкер екенин бүгинги оғада қыйын, қәўетерли ҳәм тез өзгерип атырған, халықаралық ҳуқық нормалары, халық дипломатиясына байланыслы түсиниклер бир қанша азайып баратырған заманның өзи көрсетпекте.

– Өзи туўылып өскен, ата-бабаларымыздың топырағы аралас муқаддес топырағымызды қорғаў ҳәр бир жигит ушын шын мәнисинде мақтанышлы ис болып есапланады, – деди Қорғаныў министрлигиниң взвод командири, “Содиқ хизматлари учун” медалының ийеси Абдурауф Каримов. – Бул ўазыйпа Ана Өзбекистанымызды, оның келешегин, халқымызды, перзентлеримизди, келешегимизди көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў, деген сөз.

– Кишипейил мийнетлерим жоқары баҳаланды, – деди Қорғаныў министрлигиниң капитаны, “Жасорат” медалының ийеси Мансур Шомуродов. – “Ең алдыңғы командир” таңлаўында жеңимпаз болдым. Бир неше жыллар даўамында Ҳиндстан, ҒМДА мәмлекетлери командирлериниң жыйналысларында қатнастым. Бир қатар мәмлекетлерде өткерилген “Армия ойынлары” жарысларында жоқары орынларды қолға киргиздим. Маған билдирилген исеним кәсипке және де көбирек жуўапкершилик пенен қараўға ийтермелейди.

Кешеде ғәрезсизлигимизди, тыныш-татыў күнлеримизди, мийнетсүйгиш халқымызды, Ана Өзбекстанымыз ҳәм ондағы жаӊаланыў процесслерин улығлаўшы видеокөринислер, көркем жәмәәтлер, устаз көркем өнер ғайраткерлери ҳәм атқарыўшы жаслар қатнасыўында үлкен концерт бағдарламасы қойып берилди.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева, Нызамшылық палатасы Спикери Нуриддинжан Исмоилов, Бас министр Абдулла Арипов қатнасты.

Назокат УСМОНОВА,
ӨзАныӊ хабаршысы