Бүгин халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажлары басланды

19

Алдын хабар берилгениндей, 2025-жылдың 19-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан Республикасында халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажын өткериў ҳаққында”ғы ПП-173-санлы пәрманы қабыл етилди. Усы пәрманға муўапық, Өзбекстанда 2026-жыл 15-январьдан 28-февральға шекемги аралықта халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажлары өткерилиўи белгиленди.

Бул илаж еки басқышта әмелге асырылады.

Дәслепки басқышы 15-31-январь күнлери аралығында өткерилип, пуқаралар “census.stat.uz” порталы арқалы (физикалық шахстың жеке идентификация номери) онлайн дизимнен өтеди. Усы басқышта топланған мағлыўматлар 3 күн ишинде анализ етиледи.

Бул ушын үлкен таярлық жумыслары алып барылды. Барлық жуўапкер мәкеме ҳәм уйымларда, мәҳәллелерде дизимге алыў жумысларын шөлкемлестириў мәселелерине бағышланған семинарлар өткерилип, түсиник жумыслары алып барылды. Мектеплерде ҳәм билимлендириў шөлкемлеринде халықты дизимге алыўдыӊ мазмун-мәниси ҳәм мақсетлери түсиндирилди.

Бүгин елимиз бойлап халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажлары басланды.

– Бүгин статистика басқармасы хызметкерлери “census.stat.uz” порталы арқалы толық дизимнен өтип болды. Жуўапкер хызметкерлер районларға бөлинип, дизимге алыў жумысларын муўапықластырып барыў бойынша жумыслар алып барылмақта. Кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерде де бул жумыслар шөлкемлескенлик пенен әмелге асырылмақта, – дейди басқарманың баспасөз хызмети баслығы С.Қайпов.

Биз барлық пуқараларды бул илажларда белсене қатнасыўға шақырып қаламыз.

Себеби, дизимге алыў процеси тек ғана санларды жыйнаў ушын емес, ал пуқаралардың турмыс дәрежесин жақсылаўға хызмет ететуғын әҳмийетли қарарлар қабыл етиўге тийкар болады.

Мағлыўмат ушын, дизимге алыўдың кейинги басқышы 4-28-февраль күнлери аралығында өткерилип, онда “мәҳәлле жетилиги” ҳәм басқа да белсендилер үйме-үй жүрип керекли мағлыўматларды топлайды.

Бул арқалы – халық ҳаққында толық мағлыўмат жыйнаў, яғный шаңарақлардың қурамы, ондағы жаслардың ҳәм кекселердиң үлеси, билимлендириў дәрежеси, бәнтлик жағдайы ҳәм миграция процесслери бойынша мағлыўматлар топланады. Соның менен бирге, аўыл хожалығындағы жағдай – жерден пайдаланыў, шарўашылық ҳәм қусшылық көрсеткишлери анықланады.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги