Онлайн дизимнен өтиў басқышы басланды

17

15-январь күни саат 00:00 ден Өзбекстанда халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажының биринши басқышы рәсмий түрде басланды.

Бул басқыш шеңберинде 17 күн даўамында пуқаралар census.stat.uz рәсмий веб-сайты арқалы OneID системасы жәрдеминде онлайн дизимнен өтиўи мүмкин.

Онлайн дизимнен өтиў процеси Өзбекстан пуқаралары, сондай-ақ, сырт елде ўақтынша болып турған ўатанласларымыз ушын да бар болып, олар қәлеген жерде бирден-бир идентификация системасы арқалы дизимнен өтиў имканиятына ийе.

Онлайн дизимнен өтиў тәртиби бойынша видеоқолланба төмендеги силтеме арқалы усыныс етилген: https://www.youtube.com/watch?v=emOwotRVK4c&t=224s

Сондай-ақ, онлайн дизимнен өткен пуқаралар арасынан тосыннан таңлап алынып, қымбат баҳалы саўғалар ойынға шығарып бериледи.

Барлық пуқараларды халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажында белсене қатнасыўға шақырамыз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги