Көп квартиралы турақ жайларды басқарыў тараўында гезектеги ўазыйпалар белгиленди

9

Президент Шавкат Мирзиёев көп квартиралы турақ жай фондын басқарыў системасын жетилистириў ҳәм халыққа сапалы хызмет көрсетиўди тәмийинлеўге қаратылған усыныслардың презентациясы менен танысты.   

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде мәмлекетимизде 44 мыңнан аслам көп квартиралы турақ жайда 7,1 миллион халық жасайды. Оларға 900 ден аслам басқарыў сервис компаниялары ҳәм 200 ден аслам ширкетлер хызмет көрсетеди. Сондай-ақ, 856 үйде өзин-өзи басқарыў системасы енгизилген.

Кейинги жылларда көп қабатлы турақ жайлар ҳәм оларға тутас аймақларды абаданластырыў, улыўмалық мүлкти оңлаў ҳәм инженерлик коммуникацияларын жаңалаў бойынша белгили жумыслар исленди, халыққа сапа көрсетиў дәрежеси ҳәм көлеми артты.

Соның менен бирге, басқарыў сервис компаниялары жумысының турақлылығы ҳәм нәтийжелилигин жетилистириў арқалы хызметлердиң сапасын арттырыў, қосымша сервис түрлерин енгизиў үлкен әҳмийетке ийе.

Басқарыў компанияларының көпшилиги мәжбүрий төлем есабынан жумыс алып бармақта, олардың жумысына инвестиция киргизиўге таяр исбилерменлер аз. Сондай-ақ, экспертлердиң дәслепки есап-санақларына бола, ири қала ҳәм ўәлаят орайларында басқарыў сервис компанияларының жасырын дәраматлары рәсмий түсимлерден кеминде еки есеге көп. Булардың барлығы тараўға дәрамат келтиретуғын жаңа модель ислеп шығыў зәрүрлигин көрсетпекте.

Усы мүнәсибет пенен 2026-2030-жылларда айырым қала ҳәм районларда көп квартиралы турақ жайларды басқарыўдың кластер системасын ҳуқықый эксперимент сыпатында енгизиў усыныс етилди.

Эксперимент шеңберинде жайлардың жағдайы талланып, “жасыл,” “сары” ҳәм “қызыл” категорияларға ажыратылады, кеминде 7 мың квартирадан ибарат лотлар қәлиплестириледи ҳәм 5 жыллық раўажландырыў бағдарламалары ислеп шығылады. Лотлар ҳәм мастер-реже районлық кеңеслер тәрепинен тастыйықланады, басқарыў шөлкемлери болса “Мениң үйим” системасы арқалы мүлк ийелери тәрепинен даўыс бериў жолы менен таңланады.

Басқарыў шөлкемлери ушын минимал финанслық ҳәм шөлкемлестириў талаплары, соның ишинде, өз қаржысы, материаллық-техникалық база, 24/7 диспетчерлик хызмети бар болыўы сыяқлы шәртлер белгиленеди. Соның менен бирге, қосымша дәрамат дереклери сыпатында турмыслық хызмет орайларын шөлкемлестириў, жеңил конструкциялы қурылмаларды қурыў ҳәм олардан узақ мүддетли пайдаланыў имканиятлары жаратылады.

Мәжбүрий төлемлер ҳәм басқарыў шөлкемлериниң хызметлерден түсетуғын барлық қосымша дәраматлары тек ғана “Мениң үйим” биллинг системасы арқалы есапқа алынады. Усы тәртипке әмел етпеген ҳалда төлемлердиң есабын жүргизиў бухгалтерия есабы ҳәм есабат талапларын бузыў болып есапланады.

Улыўма мүлкти ижараға ямаса бийпул пайдаланыўға бериў бойынша шәртнамалар салық уйымларында мәжбүрий түрде есапқа қойылады. Белгиленген тәртип бузылған жағдайда, басқарыўшы шөлкем электрон реестрден шығарып тасланады. “Мениң үйим” мәлимлеме системасы арқалы улыўма мәжилисти басламалаў, додалаў өткериў, қарар қабыл етиў, шәртнама дүзиў, есабат усыныў ҳәм мүрәжатларды жибериў ҳәм көрип шығыў имканиятлары толық жолға қойылады.

Егер ҳәр шерек жуўмағы бойынша “Мениң үйим” системасына есабат мағлыўматлары киргизилмесе, кейинги айлар ушын мәжбүрий төлемлерди есаплаў мағлыўматлар киргизилгенге шекем ўақтынша тоқтатылады ҳәм артқа қайта есап-санақ етилмейди. Сондай-ақ, көп квартиралы турақ жайлардың техникалық жағдайы, жер участкалары, энергия ҳәм суўдан пайдаланыў бойынша мағлыўматларды өз ишине алған “Турақ жай” миллий мәлимлеме системасы басқышпа-басқыш иске қосылады.

Көп квартиралы турақ жайды пайдаланыўға қабыл етиўде кадастр паспорты рәсмийлестирилип, ол “Турақ жай” системасында автоматикалық түрде сәўлелениўи, орнатылған қуяш панельлери болса улыўмалық мүлк сыпатында басқарыў уйымына тапсырылыўы шәрт етип белгиленди. Бул талаплар орынланбаған жағдайда, үй пайдаланыўға қабыл етилмейди.

Және бир мәселе – тараўды санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў. Бәринен бурын, басқарыў сервис компанияларының диспетчерлик хызметлеринде жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын системаларды енгизиў, мүрәжатлар менен ислесиў ҳәм хызмет көрсетиў тезлигин арттырыў керек екенлиги атап өтилди.

2026-2030-жылларда тараўдағы институционаллық реформаларды даўам еттирип, ҳәкимликлер жанында турақ жай коммуналлық тараўды қадағалаўшы аймақлық инспекцияларды шөлкемлестириў, олардың бюджеттен тысқары қорларын қәлиплестириў, ҳәкимниң турақ жай коммуналлық хожалығы бойынша орынбасары лаўазымын енгизиў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге қысқа мүддетте тараўдың инвестициялық тартымлылығын арттырыў, турақ жай мүлк ийелери ҳәм басқарыў сервис компаниялары ушын бирдей пайдалы, экономикалық жақтан турақлы ҳәм ашық-айдын система жаратыў бойынша тапсырмалар берди.

ӨзА