Энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм энергетика базарын раўажландырыў мәселелери додаланды

13

Президент Шавкат Мирзиёев 14-январь күни энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм электр энергиясы тәмийнатында базар механизмлерин енгизиў бойынша презентация менен танысты.

Халықаралық экспертлердиң жуўмақларына бола, Өзбекстан ең көп энергия жумсайтуғын мәмлекетлер қатарына киреди. Атап айтқанда, республикамызда имаратлардың ақырғы энергия тутыныўындағы үлеси дерлик 50 процентти қурап, бир квадрат метрге туўра келетуғын энергия жумсалыўы Европа мәмлекетлерине салыстырғанда бир неше есеге жоқары.

Сонлықтан, өткен жылы энергия нәтийжелилиги тараўындағы реформаларды системалы жолға қойыў мақсетинде өз алдына агентлик шөлкемлестирилди. Бул структураға 2030-жылға шекем экономикада энергия жумсалыўын кеминде 20 процентке, мәмлекетлик уйымлар ҳәм социаллық объектлерде болса энергия тутыныўын 15 процентке қысқартыў ўазыйпасы жүкленген.

Презентацияда агентликтиң 2026-жылдағы жумыс режелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиздеги имаратлардың үлкен бөлеги өткен әсирдиң 60-70-жылларында қурылған болып, оларда энергия жумсалыў дәрежеси жоқарылығынша қалмақта. Сонлықтан, социаллық объектлер ҳәм халықтың турақ жайларын энергия нәтийжели объектлерге айландырыў бойынша кең көлемли жумыслар режелестирилген. Усы жылы оған 150 миллиард сум субсидия ҳәм компенсация қаржылары қаратылады.

Республикадағы 30 мыңға шамалас социаллық объектлердиң энергия нәтийжелилигин арттырыўда халықаралық финанс институтларының қатнасыўы ҳәм жеке меншик сектор инвестицияларын кеңейтиўге айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Быйылғы жылғы инвестициялық бағдарлама шеңберинде 770 социаллық объект энергия нәтийжелилиги стандартлары тийкарында модернизацияланады. Оған халықаралық финанс институтларынан 264 миллион доллар қаржы тартылады.

Соның менен бирге, энергияны үнемлеў арқалы дәрамат алыў механизмлери – энергия сервис компанияларының хызметлерин (ESCO) раўажландырыў ҳәм усы базарды қәлиплестириў мәселелери де көрип шығылды.

Имаратларды энергия аудитинен өткериў, энергия нәтийжелилиги стандартлары тийкарында жойбарлаў ҳәм модельлестириўде санлы технологиялар және жасалма интеллект имканиятларын кеңнен қолланыў режелери ҳаққында мәлимлеме берилди.

Санаат тараўында да энергияны үнемлеўди арттырыў бойынша анық режелер белгиленген. Соның ишинде, усы жылы 142 тоқымашылық кәрханасына қуяш панельлерин орнатып, 722 миллион киловатт-саат электр энергиясы ҳәм кәрханалардың 693 миллиард сум қаржысы үнемлениўи күтилмекте. Сондай-ақ, ишимлик суўы тәмийнаты системасында 300 насосты жаңалаў режелестирилген.

Орайласқан ыссылық тәмийнаты системасындағы бар машқалаларға да айрықша итибар қаратылды. Ҳәзирги ўақытта ыссылық қазанханалары ҳәм тармақларының бир бөлеги гөнериўи ақыбетинде энергия шығынлары жоқары дәрежеде қалмақта. Сонлықтан, усы жылы ыссылық қазанханалары ҳәм системаларын модернизациялаў, оларды “жабық система”ға өткериў шеңберинде 400 индивидуаллық ыссылық пунктлерин орнатыў ҳәм кеминде 100 километр ыссылық тармақларын жаңалаў нәзерде тутылған.

Жуўапкерлерге имаратларды қурыў, оңлаў ҳәм реконструкциялаўда энергия нәтийжелилиги стандартлары ҳәм тәсиршең қағыйдаларды ислеп шығыў тапсырылды.

Презентацияда электр энергиясы тараўында бәсекили базар механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды.

Атап айтқанда, төмен күшлениўли электр тармақларын жеке меншик секторға бериў жумыслары Самарқанд ўәлаятынан басланып, кейинги басқышта Әндижан, Жиззақ, Наманган, Сырдәрья, Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласына кеңейтилиўи режелестирилген. Бул арқалы тармақларды жаңалаўға инвестицияларды тартыў арқалы жоғалтыўларды кескин азайтыў нәзерде тутылған.

Электр энергиясының көтере базарын қәлиплестириў жумысларының барысы ҳаққында мәлимлеме берилди.

Ҳәзирги күнге шекем жылына 10 миллион киловатт-сааттан көп электр тутынып атырған көтере тутыныўшылардың дизими дүзилди. Бул кәрханалар ушын электр энергиясын көтере базарда “саатбай” қәлиплескен баҳаларда тиккелей шәртнамалар тийкарында сатып алыў системасын енгизиў усыныс етилмекте.

Бүгинги күнде энергетика ҳәм коммуналлық тараўлар бойынша өз алдына регуляторларды шөлкемлестириў жумыслары алып барылмақта. Сырт ел тәжирийбесинен келип шығып, бул бағдарда бирден-бир регуляторды шөлкемлестириў усынысы билдирилди.

Президентимиз бул усынысларды мақуллап, энергия нәтийжелилигин арттырыў, ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергетика базарында бәсеки орталығын қәлиплестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти ҳәм жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

Прокуратура ҳәм ишки ислер уйымларының алдына додаланған тараўларда нызам талапларына қатаң әмел етилиўин ҳәм жуўапкершиликтиң сөзсиз екенлигин, белгиленген илажлардың сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў бойынша ҳәкимликлер менен тығыз ислесиў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА