Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти

Соңғы жыллары халқымыз Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында үлкен жетискенлик ҳәм шеклерди қолға киргизбекте. Турмысымыздың барлық тараў ҳәм тармақларында әмелге асырылып атырған шын мәнисиндеги тарийхый өзгерислерде даңқлы Қураллы Күшлеримиздиң мүнәсип үлеси бар. Кейинги жыллары “Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңберинде артқа қайтпайтуғын реформаларымыздың беккем кепилликлериниң бирине айланып атырған Қураллы Күшлеримиздиң әскерий қүдиретин арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, басқарыў ҳәм тәмийнат системасы жетилистирилип, заманагөй мәлимлеме технологиялары тийкарында модернизацияланбақта, әскерлеримиздиң жаўынгерлик қатарлары жаңаша тәлим ҳәм тәрбия алған тәжирийбели офицер ҳәм сержантлар менен толықтырылмақта. Жеке қурамның таярлық дәрежеси, әскерий хызметкерлердиң кәсиплик, интеллектуаллық ҳәм руўхый потенциалы басқышпа-басқыш арттырып барылмақта. Қураллы Күшлеримиз заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий техника менен басқышпа-басқыш тәмийинленбекте. Жаслар арасында әскерий хызметке қызығыўшылықты арттырыў, оларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, халық пенен армия арасындағы беккем бирлик ҳәм аўызбиршиликти буннан былай да күшейтиўге қаратылған нәтийжели жумысларымыз исенимли даўам еттирилип, Миллия Армиямыз қатарында хызмет етиў үлкен абырай-мәртебеге айланып бармақта.
14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы мүнәсибети менен пайтахтымыздың бир қатар орынларында байрам салтанатлары болып өтти.
Атап айтқанда Нөкис қаласы А.Досназаров көшесинде әскерий сапқа дизилип, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Арқа-батыс әскерий округи, ҳуқық қорғаў уйымлары, мийнет жәмәәтлери, оқыў орынлары хызметкерлери, урыс ҳәм мийнет ветеранлары, жаслар атынан «Ҳәсиретли ана» естелигине гүл шеңберлери қойылды.

Соңынан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 34 жыллығы мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Илажда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, әскерий тараў хызметкерлери, ветеранларды ҳәм пүткил халқымызды байрам менен қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, шегараларымыздың қәўипсизлигин, Ўатанымыздың тынышлығын тәмийинлеўде миллий армиямыздың хызмети айрықша. Ўатан қорғаўшылары бар екен, елимиз тыныш, аспанымыз ашық, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысы тәмийинленеди.
Илажда Мәмлекетимиз Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы тәрепинен тараўға қаратылып атырған үлкен итибар айрықша тилге алынып, әскерий хызметкерлерди ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаў, әскерий қалашаларды абаданластырыў, заманагөй инфраструктураны қәлиплестириў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылып атырғаны ҳүрмет пенен тилге алынды.
Салтанатлы мәресимде миллий армиямыз ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларында пидәкерлик пенен хызмет етип атырған бир қатар офицерлер, сержантлар ҳәм нураныйлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары тийкарында, көкирек белгилери менен сыйлықланды.

Байрам илажы көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги