Қубла Корея прокуратурасы бурынғы президентке өлим жазасын бериўди сорады

Қубла Кореяда арнаўлы прокурорлар топары 2024-жыл декабрьдеги әскерий жағдай бойынша бурынғы президент Юн Сок Ёлға өлим жазасын бериўди талап етти, деп хабар бермекте “Yonhap” мәлимлеме агентлиги.
Атап өтилиўинше, жуўмақлаўшы суд мәжилиси Сеул орайлық округлик судында болып өтти.
Үлке прокуратурасы бурынғы президентти суд ҳәм нызамшылық тармақлары үстинен қадағалаўды қолға киргизиў арқалы ҳәкимиятты сақлап қалыўға урынған мәмлекетлик аўдарыспаққа басшылық еткенликте айыпламақта.
Мағлыўмат орнында: 2024-жыл декабрьде Юн Сок Ёл “КХДР тәрепдары болған күшлерди жоқ етиў” зәрүрлигин айтып, мәмлекетте әскерий жағдай жәриялады. Бирақ бир неше сааттан кейин парламент әскерий жағдайды бийкарлады ҳәм депутатлар президентке импичмент жәриялаў ушын даўыс берди. Буннан кейин, Юн Сок Ёл ҳәкимияттан шетлетилди ҳәм қамаққа алынды.
Г.Сатторова, ӨзА