Әскерий хызметкерлерге мәмлекетлик сыйлықлар тапсырылды (+видео)

13

Жаўға тик қараған садық инсанлар елимиз қалқаны саналады. Усы мәниде Ўатанды қорғаў – шын мәнисиндеги уллы кәсип.

14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мине усындай мәрт инсанларға ҳүрмет ҳәм иззет көрсетилетуғын әҳмийетли сәне болып есапланады. Олар журт шегараларында, аспан кеңислигинде ҳәм муқаддес ўазыйпа жолында сергек турып, тынышлығымызды тәмийинлейди.

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Қураллы Күшлер мәмлекетлик музейи майданындағы “Ўатанға ант” естелигине гүлшеңбер қойылды.

Илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, әскерлер, шайыр ҳәм жазыўшылар және кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Буннан соң, Қорғаныў министрлигиниң орайлық аппаратында сыйлықланған әскерий хызметкерлерге мәмлекетлик сыйлықты тапсырыў ҳәм Қураллы Күшлерде өз кәсибиниң шебери таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри, генерал-лейтенант Шуҳрат Холмуҳаммедов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде миллий армиямыздың потенциалы, мәмлекетимиз тәрепинен тараў хызметкерлерин хошаметлеў жолында алып барылып атырған жумыслар, избе-из даўам етип атырған кең көлемли реформалар ҳәм олардың нәтийжелерине айрықша тоқтап өтти.

Президентимиздиң “Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының бир топар хызметкерлерин сыйлықлаў ҳаққында”ғы пәрманы оқып еситтирилди.

Қорғаныў министри өз ўазыйпасында исенимли ҳәм садықлық пенен хызмет етип, мүнәсип көрилгенлерге мәмлекетлик сыйлықларды тапсырды.

– Маған берилген сыйлық кейинги хызметлеримизде де жоқары жуўапкершилик жүклейди, – деди “Жасорат” медалының ийеси, III дәрежели сержант Алишоҳ Абдуллаев.

Илажға әскерий хызметкерлер, Қураллы Күшлер ветеранлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Абдулазиз РУСТАМОВ, Сарвар ЎРМОНОВ (фото), ӨзА