Ата-бабалардың тулғасы ҳәм елимиздиң абырайы сәўлеленген Ғәрезсизлик монументине гүл қойылды

17

Ҳеш бир хызмет Ўатанды қорғаўдай шын мәнисинде уллылыққа ийе болмаса керек. Бул жолда садықлығы, илим-мәрипаты ҳәм мәртлиги менен дүньяға танылған ата-бабаларымыздың естелиги ҳәмийше муқаддес.

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Жаңа Өзбекстан бағында бой тиклеген Ғәрезсизлик монументине гүл қойылды.

Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри генерал-лейтенант Шуҳрат Ҳолмуҳаммедов ҳәм басқа да министрлик жуўапкерлери, Ўатан қорғаўшылары басшылығында салтанатлы жағдайда ата-бабаларымыздың естелиги улығланды. Илажда олардың ийгиликли әмеллери, елдиң абырайы жолындағы мәртлиги алдында символикалық түрде ҳүрмет көрсетилди.

Абдулазиз РУСТАМОВ,  

Носиржон ҲАЙДАРОВ (фото), ӨзА