Сенат комитетинде балалар, жаслар, ҳаял-қызлар менен байланыслы әҳмийетли мәселелер көрип шығылды

“Өзбекстан-2030” стратегиясы жойбарын додалаў даўам етпекте. Онда социаллық тараўға байланыслы бир қатар әҳмийетли мақсетлер белгиленген.
Атап айтқанда, ата-ана қарамағынан айырылған балаларды тәрбиялаўда 100 процент альтернатив формаларды енгизиў, “Ҳаял-қызлар дәптери” арқалы кәмбағаллықтан шығарылған ҳаял-қызлардың үлесин 70 процентке жеткериў нәзерде тутылған.
Исбилермен ҳаял-қызларға жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларды бириктириў арқалы олардың кәсипке ҳәм турақлы дәрамат дерегине ийе болыўына ерисиў және 100 мың ҳаял-қыздың имканиятларын арттырыў сыяқлы ўазыйпалар да белгиленген.
Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети мәжилисинде бул ҳаққында сөз болды. Мәденият ҳәм спорт тараўларында да кең көлемли режелер белгиленгени атап өтилди.
Соның ишинде, мәдений мийрас объектлерин сақлаў ушын мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржыларды 30 процентке арттырыў, 2,5 мың археологиялық предметти мәмлекетлик каталогқа киргизиў, 1,1 миллион музей предметин санластырыў режелестирилген.
Жаслар арасында жумыссызлық дәрежесин 15 проценттен 11 процентке түсириў, 2030-жылға шекем санаат тараўын раўажландырыў есабынан қосымша 400 мың жасты жумыс пенен тәмийинлеў илажлары нәзерде тутылған.
Мәжилис даўамында Стратегия жойбары бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Сенаттың тийисли қарары тийкарында жас өспирим балалардың тәмийнаты ушын алимент өндириў ҳәм төлеў системасын жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери де додаланды.
Таллаў нәтийжесинде айырым мәселелер толық шешимин таппағаны мәлим болды. Атап айтқанда, турақлы жумыс орнына ийе болмаған ямаса дәраматы анықланбаған алимент төлеўшилерден алимент өндириў тәртибин жетилистириў, “Алимент төлемлери” қоры есабынан төлеп берилген қаржыларды қарыздарлардан өндириў, сондай-ақ, “Балаларға алимент өндириў ҳәм шаңарақты тәмийинлеўдиң басқа да түрлериниң халықаралық тәртиби ҳаққында”ғы Гаага конвенциясына қосылыў мәселелерине айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясының орынланыўы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар да талланды. Мәлим етилгениндей, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятларды тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың экономикалық және социаллық шараятларын жақсылаўға қаратылған 15 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилген. Миллий кадрлар резервинде ҳаял-қызлардың үлеси алдынғы жылларға салыстырғанда 2 есеге арттырылып, 27 процентке жеткен.
Ашық гендер мағлыўматлары индексинде Өзбекстан ең жақсы 20 мәмлекет қатарына кирген. Гендер теңлик ҳәм басқарыў индексинде болса мәмлекетимиз өз орнын 103-орыннан 52-орынға көтерип, 51 текшеге жақсыланған.
Мәжилисте мәмлекетлик хызметте ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, МКШлардың потенциалын арттырыў, гендер сиясатты әмелге асырыўда олардың қатнасын кеңейтиў, сондай-ақ, күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбирлениўшилерди қорғаў мәселелерине айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилис шеңберинде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға қаратылған ҳүкиметке киргизилген усыныслардың келешектеги орынланыўын тәмийинлеў бойынша ҳәр тәреплеме ҳәм сын көзқарастан додалаў өткерилип, анық ўазыйпалар белгиленди.
Н.Абдураимова,
ӨзА