Фитосанитариялық лабораториялардың материаллық-техникалық базасы беккемленбекте

Ҳәзирги ўақытта республикамызда Өзбекстан ҳәм Корея Республикалары арасындағы стратегиялық шериклик, фитосанитария тараўында бирге ислесиў шеңберинде “Өзбекстан Республикасы фитосанитария хызметиниң потенциалын раўажландырыў – өсимликлер карантини шегара пунктлерин жетилистириў” жойбары әмелге асырылмақта.
Жойбар шеңберинде Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги жанындағы орайлық фитосанитариялық лаборатория заманагөй үскенелер менен тәмийинленбекте. Бул фитосанитариялық анализлерди халықаралық стандартлар тийкарында өткериў, экспорт ҳәм импорт етилип атырған өнимлерди қадағалаўды күшейтиў имканиятын бермекте.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли қарар ҳәм пәрманларына муўапық, орайлық фитосанитариялық лабораторияның имаратын толық оңлаў ҳәм “Даўыт-ата” шегара бажыхана посты аймағында жаңа фитосанитариялық лабораториясын шөлкемлестириў жумыслары алып барылмақта. Бул илажлар исбилерменлер ушын қолайлы шараят жаратып, фитосанитариялық хызметлердиң нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 28-декабрьдеги “Өзбекстан Республикасы ҳәм Корея Республикасы арасындағы айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да тереңлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық әҳмийетли бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў белгиленди. Усы қарар тийкарында “Өзбекстан Республикасы фитосанитария хызмети потенциалын раўажландырыў – өсимликлер карантини шегара пунктлерин жетилистириў” жойбары шеңберинде елимизде улыўма баҳасы 6,7 миллион АҚШ долларына тең грант қаржылары есабынан өсимликлер карантини шегара пунктлериниң жумысын жетилистириў режелестирилген еди, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги фитосанитариялық лабораториясының баслығы Сулыўхан Мадреймова.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 17-декабрьде Корея Республикасына әмелге асырған рәсмий сапары шеңберинде Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) ҳәм Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги арасында бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылып, бул ҳүжжет еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет етпекте.
Усы бирге ислесиў шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги жанындағы орайлық фитосанитариялық лабораторияның материаллық-техникалық базасы басқышпа-басқыш беккемленбекте. Бүгинги күнде бул лаборатория тек ғана аймақлық емес, ал республика көлеминде фитосанитариялық хызметлерди халықаралық стандартлар тийкарында әмелге асырыў имканиятына ийе болған әҳмийетли орайлардан бири сыпатында тән алынбақта.
Қубла Кореяның абырайлы KOICA халықаралық бирге ислесиў агентлиги менен жолға қойылған бул жумыслар айрықша әҳмийетке ийе болып, аўыл хожалығы өнимлерин фитосанитариялық қадағалаўдан өткериў, ҳәр қыйлы зыянкеслер менен ҳәм өсимликлердиң кеселликлерин анықлаўға қаратылған жойбарлар әмелге асырылмақта. Усы жойбар шеңберинде лаборатория жаңа заманагөй ҳәм жоқары технологиялы әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.
Жаңа үскенелер фитосанитариялық анализлерди өткериў нәтийжелилигин сезилерли дәрежеде арттырып, карантин астындағы өнимлерде зыянлы организмлерди анықлаў ҳәм оларды халықаралық стандартлар тийкарында баҳалаў имканиятын бермекте. Бул өз гезегинде, аўыл хожалығы өнимлерин экспортқа таярлаў процесинде талап етилетуғын фитосанитариялық сертификатларды тез ҳәм исенимли рәсмийлестириўде әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.
Буннан тысқары, лаборатория потенциалының арттырылыўы хызметкерлердиң кәсиплик қәбилетин раўажландырыў менен тығыз байланыслы. Усы мақсетте Қубла Кореядан шақырылған жоқары қәнигеликке ийе маман қәнигелер тәрепинен фитосанитария хызметкерлери ушын жаңа үскенелерден пайдаланыў ҳәм халықаралық диагностика методологияларына байланыслы арнаўлы оқыў-тренинглер шөлкемлестирилмекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 15-июльдеги арнаўлы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигине қараслы орайлық фитосанитариялық лабораторияның имаратын ири оңлаў белгиленген. Ҳәзирги күнде бул объект бойынша смета ҳүжжетлери таяр болып, қурылыс шөлкемин анықлаў жумыслары алып барылмақта.
Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 25-марттағы ПФ-57-санлы пәрманына тийкарланып, “Даўыт-ата” шегара бажыхана посты аймағында да товарларды фитосанитария қадағалаўынан өткериў ушын жаңа лаборатория шөлкемлестирилмекте. Бул лабораторияның иске түсирилиўи экспорт пенен бир қатарда, импорт етилип атырған карантин астындағы өнимлерди де аймақтың өзинде экспертизадан өткериў имканиятын жаратып, исбилерменлер ушын қолайлы шараят жаратып, ўақытты үнемлеўди тәмийинлейди.

Орайлық фитосанитария лабораториясы ҳәм “Даўыт-ата” шегара бажыхана посты аймағында шөлкемлестирилетуғын лабораториялар оңлаў жумыслары жуўмақланғаннан соң, белгиленген тәртипте аккредитациядан өткериледи. Аккредитациядан соң бул лабораторияларда заманагөй әсбап-үскенелер жәрдеминде халықаралық талапларға толық жуўап беретуғын фитосанитариялық экспертизалар әмелге асырылады.
Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги