Биомасса тийкарында орайласқан ыссылық энергиясы ислеп шығарылыўы мүмкин

13

Пайтахтымызда Корея Республикасы ыссылық тәмийнаты компаниялары менен түрли жойбарлар шеңберинде биргеликте жумыс алып барылмақта.

Атап айтқанда, Корея орайлық ыссылық тәмийнаты корпорациясы (KDHC) ҳәм KOTRA менен белсене бирге ислесип келинбекте. Бүгин усы компаниялардың ўәкиллери “Ыссылық тәмийнаты” АЖ жуўапкерлери менен ушырасып, алдағы илажлар режесин додалады.

Ушырасыўда тийкарғы итибар биомасса тийкарында орайласқан ыссылық энергиясын ислеп шығарыў, бар биомасса ресурслары, соның ишинде, аўыл хожалығы өнимлериниң қалдықларынан пайдаланған ҳалда орайласқан ыссылық тәмийнатын жолға қойыўдың әмелий усылларына қаратылды.

Сондай-ақ, орайласқан ыссылық тәмийнаты жоқ аймақлар ушын ысытыў шешимлери, соның ишинде, қуяш энергиясы, ыссылық насослары ҳәм тийисли технологияларды қолланып ысытыўды тәмийинлеў имканиятлары да көрип шығылды.

Корея орайлық ыссылық тәмийнаты корпорациясы (KDHC) ҳәм KOTRA ўәкиллери ўәлаятларға барып, бар имканият ҳәм ресурслар менен танысады.

Ш.Маматуропова, ӨзА