Жоқары Бас Сәркарда бөлимлер таярлығын жоқары баҳалады

9

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев 13-январь күни Қорғаныў министрлиги системасындағы объектлер менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Шыршық авиация оңлаў заводына барды.

Президентке кәрханада әмелге асырылған кең көлемли модернизация нәтийжелери ҳәм оның жаңа жоқары технологиялық бөлимлериниң жумысы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Завод негизинде ҒМДА ҳәм регионымызда бирден-бир болған “Airbus” вертолётларына техникалық хызмет көрсетиў орайы иске қосылған.

Орай Францияның “Airbus” компаниясы тәрепинен рәсмий сертификатластырылған болып, өндирис жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени, халықаралық стандартлар ҳәм ислеп шығарыўшы тәрепинен белгиленген талапларға муўапық екенлиги тастыйықланған. Бул жерде Батыс авиатехникасының заманагөй модельлери, соның ишинде, H-125, H-215 ҳәм H-130 маркалы вертолётлар ушын сервис ҳәм оңлаў жумысларының толық шынжыры жолға қойылған.

Орай Өзбекстанды “Airbus” вертолётларына техникалық хызмет көрсетиў ҳәм оларды эксплуатациялаў бойынша әҳмийетли регионаллық хабқа айландырыў имканиятын береди.

Мәмлекетимиз жетекшиси орайдың имканиятлары менен танысты ҳәм қәнигелер менен сөйлести.

Усы жердиң өзинде Президентимизге заводтың Су-25 әскерий самолётларын капитал оңлаў ҳәм терең модернизациялаў бойынша жаңаланған цехлары таныстырылды. Алдынғы технологияларды енгизиў есабынан енди кәрханада техниканы заманагөй навигация системалары, түнги көриў қурылмалары ҳәм борттағы өзин-өзи қорғаў комплекслери менен үскенелеў жумыслары әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы сапар етиў жуўмағында елимиздиң қорғаныў санааты потенциалын буннан былай да беккемлеў бойынша тапсырмалар берди.

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятындағы Арнаўлы операциялар күшлери полигоны менен танысты.

Президентимиздиң басламасы менен соңғы жыллары Қорғаныў министрлиги әскерлериндеги барлық дала оқыў майданлары, әскерий бөлим ҳәм мәкемелерде модернизация жумыслары алып барылып, олар халықаралық стандартларға бейимлестирилди.

Арнаўлы бөлимшелерди нәтийжели таярлаў мақсетинде халықаралық тәжирийбе ҳәм әскерлерди таярлаўдың заманагөй тенденцияларын есапқа алып шөлкемлестирилген Арнаўлы операциялар күшлериниң жаңа полигоны бул жумыслардың логикалық даўамы болды.

Полигон объектлеринде жеке қурамның жаўынгерлик көнликпелерин жетилистириў, таярлық шынығыўларын нәтийжели жолға қойыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық турақлылығын арттырыў ушын зәрүр шараятлар жаратылған.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде жаўынгерлик ҳәм арнаўлы таярлық шынығыўларын шөлкемлестириўдиң жаңа усыллары менен танысты. Қураллы Күшлер бөлимлери менен өткерилип атырған шынығыўлардың жедел басқышын бақлады.

Оқыў даўамында ҳәр қыйлы әскерлерге тийисли бөлимшелердиң жаўынгерлик имканиятлары ҳәм олардың биргеликтеги ҳәрекетлериниң муўапықласқанлық дәрежеси, сондай-ақ, әскерлер ҳәм қурал-жарақларды басқарыўдың жаңа санлы системалары көрсетилди.

Ҳәр қыйлы жаўынгерлик операцияларды өткериўде ушыўшысыз ушыў аппаратларынан нәтийжели пайдаланыў усыллары, сондай-ақ, ҳәр қыйлы оқыў-жаўынгерлик ўазыйпаларды орынлаў процесинде артиллерия, авиация, ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў ҳәм қурғақлықтағы әскерлердиң биргеликтеги ҳәрекетлери көрсетилди.

Онда киши командирлердиң заманагөй санлы технологияларды пайдаланған ҳалда еркин қарар қабыл етиў көнликпелери ҳәм басқарыў шеберлиги дәрежеси, сондай-ақ, әскерий хызметкерлердиң тез өзгерип атырған жаўынгерлик жағдай шараятында саўаш майданында заманагөй қурал-жарақ ҳәм техниканы нәтийжели қолланыў бойынша кәсиплик шеберлигин баҳалаўға айрықша итибар қаратылды.

Оқыў жуўмағында Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы бөлимлердиң таярлығы ҳәм олардың биргеликтеги ҳәрекетлеринде ерисилген үйлесимлилик дәрежесин жоқары баҳалады.

Мәмлекетимиз басшысы Қураллы Күшлердиң сәркардалық қурамы менен болған сәўбетте дүньяда қәўипсизликке қәўип-қәтерлер ҳәўиж алып атырған бүгинги қәўетерли күнлерде Қураллы Күшлеримиздиң потенциалын буннан былай да беккемлеў, халық ҳәм армияның аўызбиршилигин тәмийинлеў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў әскерий тараўдағы реформалардың тийкарын қураўы керек екенлигин атап өтти.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев Шыршық қаласындағы технопаркке барып, қорғаныў санааты кәрханаларының жумысы менен танысты.

Бул жерде бронланған ҳәм арнаўлы техникалар және алдынғы функционал имканиятлары ҳәм техникалық өзгешеликлери менен ажыралып туратуғын бир неше түрдеги аралықтан басқарылатуғын жаўынгерлик модульлерди ислеп шығарыў жолға қойылған.

Бул шешимлер ҳәрекетлениўши ҳәм турақлы нышанларға, соның ишинде, көриў шекленген шараятларда оқ атыўды тәмийинлейди. Автоматластырылған басқарыў, турақластырыў, оптикалық ҳәм акустикалық бақлаў системалары, сондай-ақ, заманагөй нышанаға алыў қураллары менен тәмийинленген.

Мәмлекетимиз басшысына тийкарғы комплектлеўши бөлеклерди жыйнаў, оптикалық-электрон ҳәм турақластырыў системаларын орнатыў, программалық сазлаў ҳәм герметикликти қадағалаў, қурал-жарақларды интеграциялаў ҳәм комплексли сынақлардан өткериўди өз ишине алған өндирис басқышлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Жуўмақлаўшы басқышта таяр модульлер жеңил бронланған техника үлгилерине орнатылады ҳәм дала шараятында тексериледи.

Жаўынгерлик модульлер ҳәр қыйлы платформалар, соның ишинде, жеңил броньланған техника, арнаўлы автомобильлер, катерлер ҳәм бронланған транспортёрларды үскенелеў ушын мөлшерленген.

Жойбар бир қатар сырт елли бирге ислесиўшилер менен биргеликте елимиздиң тийисли уйымлары ҳәм санаат кәрханаларының қатнасыўында әмелге асырылмақта.

Булардың барлығы елимиздиң қорғаныў санааты кәрханаларында жоқары технологиялы өнимлер ислеп шығарыўды көбейтиў, жумыс орынларын жаратыў, өзиниң санаат ҳәм технологиялық базасын қәлиплестириўге хызмет етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы өнимлердиң сапасы ҳәм исенимлилигине байланыслы талапларға қатаң әмел етиў, локализациялаўды избе-из кеңейтиў, инженерлик компетенцияларды раўажландырыў ҳәм санаат кооперациясын тереңлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтип, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

ӨзА