Европа комиссары: Гренландиядағы қәўип НАТОны сапластырыўы мүмкин

9

АҚШ Гренландияны әскерий жол менен ийелеўи НАТО ушын жуўмақ болады, деп ескертти Қорғаныў ҳәм космос бойынша Европа комиссары Андриус Кубилиус.

 Бизге белгили, Президент Дональд Трамп Дания патшалығы автоном аймағы есапланған Гренландия стратегиялық ҳәм минералларға бай аймақ сыпатында Россия ямаса Қытай басып алмаўы ушын АҚШ қадағалаўында болыўы керек екенлигин даўа етип келеди.

Кубилюс “Қурама Штатлар басқыншылығы итималы төмен екенлиги, соның менен бирге, ҳәзирги шәртнама, ағза мәмлекетлерге әскерий басқыншылық жүзеге келген жағдайда, Европа Аўқамына Данияны қоллаў миннетлемесин жүклейтуғынын” атап өтти.

Кубилиус “Қурама Штатлар басқыншылығы итималы төмен екенин, соның менен бирге, ҳәзирги шәртнама, ағза мәмлекетлерге әскерий ҳүжим жүзеге келген жағдайда, Европа Аўқамына Данияны қоллап-қуўатлаў миннетлемесин жүклейтуғынын” атап өтти.

– Бул мәселе Данияның қарарына байланыслы, – деди комиссар. – Короллик қалай жуўап береди, қайсы позицияны ийелейди? Егер қайсы бир ағза мәмлекет әскерий агрессияға дус келсе, басқа мәмлекетлер жәрдем бериўге мәжбүр.

Ол Гренландияны күш пенен ийелеў логикасын гүман астына алып, бул АҚШ ҳәм Европа арасындағы саўда ҳәм басқа да түрли тараўлардағы қатнасықларға да айрықша унамсыз тәсир көрсететуғынын ескертти.

Мусулмон Зиё, ӨзА