Ўатанды мәртлер қорғайды

Қараөзек районы орайындағы Мәденият сарайында «14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни» ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажы өткерилди.
Илажда район ҳәкими, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, әскерий тараў хызметкерлери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Онда район ҳәкими А.Баймуратов, қатнасыўшыларды байрам менен қызғын қутлықлап, мәмлекетимизде миллий Армиямыздың күш-қүдиретин нығайтыў, оны билимли ҳәм жетик кадрлар, жаңа заманагөй технологиялар менен тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли реформалар, әскерий хызметкерлер ҳәм жасларымызға жаратылып атырған имканият ҳәм жеңилликлер ҳаққында кең түрде айтып берди.
Сондай-ақ, илажда әскерий тараў хызметкерлери де шығып сөйлеп, Ўатанымыз шегараларының қол қатылмаслығын тәмийинлеў, халқымыздың тыныш ҳәм парахат турмысын қорғаўда жолында мәмлекетимизде Президентимиз басшылығында көплеген унамлы ислердиң алып барылып атырғанын мақтаныш пенен атап өтти.
Өткерилген салтанатлы илаж даўамында районлық қорғаныў ислери бөлими хызметкерлери ҳәм мектеплердеги шақырыққа шекемги басланғыш таярлық пәни муғаллимлерине район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.

Байрам илажы районлық мәденият бөлими хызметкерлери, Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби тәрбияланыўшылары атқарыўындағы ана-Ўатан ҳәм мәртликти жырлаўшы йошлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги