Мәмлекетимиздиң әскерий қәўипсизлигин ҳәм қорғаныўын буннан былай да беккемлеўдиң тийкарғы ўазыйпалары додаланды

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 13-январь күни Қәўипсизлик кеңесиниң мәмлекетимиз әскерий қәўипсизлигин ҳәм қорғаныўын беккемлеў мәселелери бойынша кеңейтилген мәжилиси болып өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң, Министрлер Кабинетиниң ағзалары, Қураллы Күшлер қурамына кириўши министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, әскерий округлердиң сәркардалары, әскерий-ҳәкимшилик секторлардың басшылары, басқа да уйымлар ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Өткен жылларда мәмлекетимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылды.

Миллий армиямыз заманагөй қурал-жарақ ҳәм техника менен тәмийинленбекте. Әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик ҳәм руўхый-ағартыўшылық таярлық дәрежеси избе-из арттырылып барылмақта, қорғаныў санаатының потенциалы беккемленбекте.
Қорғаныў министрлиги әскерлеринде жаңа тактикалық усыллар енгизилип, шынығыўлардың саны ҳәм дәрежеси 1,5 есеге арттырылды, ушыўшысыз ушыў аппаратлары бөлимлери ҳәм қәнигелерди таярлаў орайлары шөлкемлестирилди.
Армияны санластырыў бойынша басланған жумыслар нәтийжесинде мәлимлеме қәўипсизлиги, басқарыў ҳәм көрсетилип атырған хызметлердиң нәтийжелилиги сезилерли дәрежеде артты.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен әскерий билимлендириў системасы түп-тийкарынан жаңаланды, маман профессор-оқытыўшылар ҳәм инструкторлардан ибарат Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университети шөлкемлестирилди.
Билимлендириў процесине оқытыўдың алдынғы санлы технологиялары, соның ишинде, жасалма интеллектке тийкарланған ҳәм заманагөй баҳалаў системалары енгизилгени әскерий кадрлар таярлаўдың сапасын жаңа басқышқа алып шықты.
Мәжилисте мәмлекетимиз қәўипсизлигин тәмийинлеў, қорғаныў қәбилетин беккемлеў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпалар додаланды.
Түрли регионаллық келиспеўшиликлер кеңейип, қуралланыў жарысы ҳәўиж алып атырғаны, улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет, халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм халықаралық дипломатия төменлеп баратырғаны атап өтилди.

– Бир нәрсени түсинип алыў зәрүр. Заманагөй урыс тәбияты түп-тийкарынан өзгерди. Енди қайсы мәмлекет тек ғана танк, самолёт ямаса әскерлер санына сүйенип жеңимпаз боламан десе, қатты қәтелеседи. Ҳәзирги урыслар жасалма интеллект, санлы басқарыў, узақ аралыққа жоқары анықлықта соққы бериўши қураллар, кибер ҳәм робот технологиялар, сиясий-экономикалық басым тийкарында алып барылмақта, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Сол себепли, тынышлық ҳәм қәтержамлық бийбаҳа байлыққа айланып атырғанын бир минут та умытпаў керек екенлиги атап өтилди. Бул байлықты қәстерлеп сақлаў ушын болса ҳәр бир тараў ҳәм тармақ қәўип-қәтерлерге алдыннан жуўап бериў бойынша “проактив жумыс режими”не өтиўи шәрт екенлиги көрсетип өтилди.
Жоқарғы Бас Сәркарда келешекке мөлшерленген ең әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.

Әскерий кадрлар таярлаў системасын буннан былай да жетилистириўге тийкарғы итибар қаратылады.
– Соны умытпаў керек, әскерий билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў системасын модернизациялаў армияның жаңа келбетин қәлиплестириўдиң тийкарғы шәрти болып есапланады,-деди Президент.
Мүддетли әскерий хызмет – тек ғана физикалық ҳәм әскерий таярлық емес, ал жасларымыз жәмийетте беккем орнын табыўы ушын оларды мийнет базарына ҳәм еркин кәсипке таярлаў басқышы сыпатында шөлкемлестирилиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.
Соның ишинде, армияда жаслар кеминде бир кәсип ийеси болып шығыўы бойынша пүткиллей жаңа система жаратылады. Әскерий бөлимлердеги тийкарғы бағдар ҳәм қәнигеликлерден келип шығып, әскерлерди кәсипке таярлаў бойынша 3-6 айлық бағдарламалар ислеп шығылады. Бағдарламаны жуўмақлаған әскерлер маманлық имтиханынан өткерилип, оларға кәсиплик сертификат бериледи.

Ҳәр жылы 5 мың әскер сайлап алынып, “Бир миллион программист” ҳәм “Бес миллион жасалма интеллект жетекшиси” бағдарламалары шеңберинде оқытылады.
Әскерлерге мүддетли әскерий хызметти өтеў дәўиринде әскерий бөлимниң өзинде жоқары оқыў орнына оқыўға кириў ушын имтихан тапсырыў имканияты жаратылады. Тест сынақларынан табыслы өтип, студентликке қабыл етилген әскерлер мүддетли әскерий хызмет жуўмақланыўы менен жоқары оқыў орнында оқыўын баслайды.
Соның менен бирге, армиядан қайтып, жоқары оқыў орынларында билим алмақшы болған жасларға шет тили ҳәм пән сертификатын алыў қәрежетлери қаплап бериледи. Егер олар жоқары оқыў орынларына контрактке кирсе, процентсиз тәлим кредити ажыратылады.
Буннан тысқары, армиядан қайтқан жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша да айрықша жеңилликлер бериледи. Соның ишинде, исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегиндеги жаслардың кредит қәрежетиниң 6 проценти мәмлекет тәрепинен қапланады, мәмлекетлик шөлкемлерге жумысқа кирмекши болған жаслар ушын Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги тәрепинен өткерилетуғын тест балларына 10 процентлик жеңиллик бериў әмелияты енгизиледи. Жеке меншик секторда жумыс ислеўди қәлеген жасларға кәсипти ийелеў ҳәм сертификат алыў қәрежетлери төлеп бериледи.

– Бир сөз бенен айтқанда, ” мүддетли әскерий хызметти өтеў – жаслар ушын табыс жолы”на айланыўы керек, – деди Президентимиз.
Инженерлик-техника, киберқәўипсизлик ҳәм мәлимлеме ҳүжимлерине қарсы гүресиў тараўларында жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаў ең әҳмийетли мәселе екени атап өтилди. Сол себепли, инженерлик-техникалық бағдардағы әскерий-илимий базаны беккемлеў, орынларда әскерий технопарклер шөлкемлестириў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик таярлығын буннан былай да беккемлеў менен бирге, олардың руўхый дүньясын да турақлы байытып барыўды заманның өзи талап етпекте.
Бунда китапқумарлық әҳмийетли орын тутады. Соның ушын, усы жылы барлық әскерий бөлимлер ҳәм мәкемелер жәми 1 миллион нусқадағы көркем әдебиятлар менен тәмийинленеди.
Қураллы Күшлер системасындағы әскерий бағдарланған мектеп- лицей оқыўшылары, мүддетли әскерий хызметкерлер, курсантлар, сержант ҳәм офицерлер арасында Жоқары Бас Сәркардашы сыйлығы ушын китапқумарлық таңлаўы жолға қойылады. Округ, сәркарда, министрлик, Жоқарғы Бас Сәркарда таңлаўларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған әскерлердиң мүддетли әскерий хызмети бир айға қысқартылып бериледи.
Ҳәр жылы әскерий хызметкерлер арасында көпгүрес, қол урысы, аўыр атлетика сыяқлы спорттың 10 нан аслам дәстүрий түрлери бойынша жарыслар өткерилмекте. Енди усы жылдан баслап киберспорт, дрон ҳәм робот технологиялары сыяқлы заманагөй спорт түрлери бойынша үш басқышлы жарыслар шөлкемлестириледи.
– Регионаллық ҳәм глобаллық жағдайды турақлы таллап барыў, миллий армиямыздың потенциалын беккемлеў – бүгинги күн талабы. Өзбекстан армиясы халықты қорғаўға бәрқулла таяр турыўы, оның ушын оператив, жоқары технологиялы, жаңа урыс шараятларына сәйкес болыўы керек, – деди Президент.
Сол себепли, әскерлерди жасалма интеллект тийкарындағы роботластырылған комплекслер ҳәм ушыўшысыз системалар, жеңил әскерий техника, заманагөй қурал-жарақ, разведка қураллары менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыў керек екенлиги көрсетип өтилди.
Президентимиз қорғаныў санаатын буннан былай да раўажландырыў, тараў кәрханаларында санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектти енгизиў тийкарғы ўазыйпалардан бири болыўы керек екенлигин атап өтти.
Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын санластырыў шараятында киберқәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм миллий санлы инфраструктураның турақлылығын беккемлеў айрықша әҳмийетке ийе. Сонлықтан, жуўапкерлерге шахсқа байланыслы мағлыўматлар ҳәм санлы системалардың қорғалыўын тәмийинлеў бойынша комплексли илажларды белгилеў тапсырылды.
– Әскерий хызметкерлердиң мийнетин қәдирлеў, олардың шаңарақ ағзалары ҳәм әскерий пенсионерлерди социаллық қорғаў бәрқулла дыққат-итибарымыз орайында болыўы зәрүр, – деди Президентимиз ҳәм бул бағдарда үлкен жаңалықларды жәриялады.
Атап айтқанда, 1-апрельден баслап Қорғаныў министрлиги офицерлерине көп жыллық хызмети ушын үстеме муғдары 2 есеге арттырылады. Шәртнама тийкарында хызмет етип атырған әпиўайы әскер ҳәм сержантлардың айлық мийнет ҳақысы 10 процентке көбейтиледи.
Аймақлық қорғаныў ислери басқармасы ҳәм бөлимлериниң әскерий емес хызметкерлериниң айлығы быйыл 20 процентке, келеси жылы және 50 процентке арттырылады.
Қураллы Күшлер қатарында 30 жылдан артық хызмет еткен әскерий хызметкерлер ушын пенсия есаплаўда есапқа алынатуғын айлық муғдары 75 проценттен 100 процентке жеткериледи.
Соның менен бирге, әскерий хызметкерлер ушын турақ жай қурылысы кеңейтиледи.
Жуўапкерлерге әскерий хызметкерлердиң пенсия тәмийнатын белгилейтуғын нызам жойбарын ислеп шығып, парламентке киргизиў тапсырылды.
Заманагөй қәўип-қәтерлердиң мазмуны да, көлеми де күннен-күнге өзгерип атырғаны, қорғаныў ҳәм қәўипсизлик тараўының алдына үлкен ўазыйпалар қойылып атырғанын есапқа алып, мәмлекетимиз басшысы сегиз жыл алдын қабыл етилген Қорғаныў доктринасы ҳәм 1997-жылы қабыл етилген Миллий қәўипсизлик концепциясын қайта көрип шығыў ўақты келгенин көрсетип өтти.
Жаңа Қорғаныў доктринасы мәмлекетимиздиң ҳеш қандай әскерий блогқа қосылмаў статусын сақлап қалыўын, көп тәреплеме дипломатияға сүйене бериўин, жоқары технологияларға тийкарланған стратегия, әскерий ғәрезсизлик ҳәм регионаллық турақлылық бағдарында раўажланыўын тәмийинлеўи зәрүр екенлиги атап өтилди.
– Улыўма, жаңа доктрина армияны технологиялық жаңалаў ҳәм алдынғы әскерий шешимлерди енгизиў ушын тийкар болып хызмет етиўи керек, – деди Президентимиз.
Мәмлекетимиз басшысы мәжилис жуўмағында Қураллы Күшлеримиздиң мәрт әскер ҳәм сержантлары, офицер ҳәм генераллары, ветеранлары, олардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларын Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен қызғын қутлықлады.
– Сизлердиң мәртлигиңиз, антқа садықлығыңыз, ел-журт қорғаў жолындағы пидайылығыңыз бенен пүткил халқымыз мақтанады. Гөззал елимизде тынышлық-татыўлық ҳәм аўызбиршилик бәрқулла ҳүким сүрсин, жанажан Ўатанымыз және де беккем ҳәм турақлы болсын! – деди мәмлекетимиз басшысы.
Мәжилисте қорғаныў министри, әскерий округ сәркардалары ҳәм басқа да жуўапкерлердиң есабат ҳәм усыныслары тыңланды.
ӨзА