Белгиленген бийпул медициналық хызметлерден тысқары хызметлер пуллы әмелге асырылады

Министрлер Кабинети тәрепинен кепилленген пакет шеңбериндеги бийпул медициналық хызметлердиң көлеми белгилеп берилген. Енди басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринде көрсетилетуғын медициналық жәрдемниң усы кепилленген көлеминен артықша медициналық хызметлер ҳәм басқа да хызметлер төлемли тийкарда әмелге асырылыўы күтилмекте.
Сондай-ақ, шаңарақлық шыпакер ямаса медицина бригадасының жолланбасысыз басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелерине мүрәжат еткенде де пуқараларға төлемли тийкарда медициналық хызмет көрсетиледи. Себеби бул медициналық жәрдем де қосымша хызмет есапланады. Буған қыстаўлы ҳәм тез медициналық жәрдем көрсетиў кирмейди.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде халыққа медициналық жәрдемниң кепилленген көлемине киретуғын хызметлерди көрсетиў, медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң кәсиплик жумысын әмелге асырыў системасын жетилистириўге қаратылған нызам жойбары көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, нызам жойбарында жоқарыдағы тәртиплер ҳәм денсаўлықты сақлаўды басқарыўдың инновациялық моделин енгизиў, медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин мәмлекетлик дизимге алыўдың ҳуқықый тийкарлары беккемленбекте.
Атап айтқанда, медицина ҳәм фармацевтика жумысы менен шуғылланыў ҳуқықына өзине медицина тараўында, жоқары ямаса профессионал билим алғанлығы ҳаққындағы диплом берилген ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткерилген шахслар ийе болыўы белгиленбекте. Онда медицина тараўында жоқары ямаса кәсиплик билимлендириў ҳаққындағы диплом берилгенде жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестацияның нәтийжесине муўапық мәмлекетлик дизимнен өткериледи.

Мәжилисте атап өтилгениндей, нызам жойбарының қабыл етилиўи халықтың жоқары сапалы медициналық хызмет алыў ҳуқықларын нәтийжели тәмийинлеўге, денсаўлықты сақлаўды басқарыўдың инновациялық моделин енгизиўге, нызамшылық ҳәм маманлық талапларына сәйкес келмейтуғын шахслардың медициналық ҳәм фармацевтикалық жумыс пенен шуғылланыўының алдын алыўға хызмет етеди.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА