Бельгия елшиси Өзбекстан СИМ басшысына исеним жарлықларын тапсырды

16

Белгияның Өзбекстандағы елшиси Эрик де Майер Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидовқа исеним жарлықларын тапсырды. Бул ҳаққында СИМ басшысы өзиниң Телеграм каналында хабар берди.

Мәлим етилиўинше, ушырасыў даўамында еки тәреплеме қатнасықларға байланыслы кең көлемли мәселелер додаланған. Өзбекстан ҳәм Белгия арасында саўда, инвестициялар ҳәм бизнес тараўындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў, сондай-ақ, әмелий экономикалық байланысларды кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилген.

“Елши мырзаға мәмлекетимиздеги жумысында табыслар тилеймиз,” деп жазады Бахтиёр Саидов.

Қарақалпақстан хабар агентлиги