Автомобиль жолы ушын жаңа үскене тәжирийбеден өткерилди

5

Әмиўдәрья районында автомобиль жолларын сақлаў ҳәм оңлаў, сондай-ақ, жол хожалығы тараўында инновациялық технологияларды енгизиўге бағышланған әмелий семинар шөлкемлестирилди.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары Бас басқармасының баслығы У. Матназаров, сондай-ақ, басқарма қурамындағы районлық жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик шөлкемлериниң басшылары ҳәм техникалық қадағалаў хызметкерлери қатнасты.

Семинар даўамында автомобиль жолларында пайда болған ойықларды орнында оңлаў имканиятын беретуғын мини асфальт заводы – “”PARCHER” үскенесиниң ислеў процеси ҳәм асфальт ислеп шығарыў қуўатлылығы әмелий тәризде көрсетилди.

Бул техника саатына 3 тоннаға шекем асфальт ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болып, жанылғы үнемлеўшилиги менен ажыралып турады. Сондай-ақ, үскенениң мәўсим таңламастан ислеўи ҳәм асфальт өнимин қайта ислеп шығарыў имканияты жол хожалығы тараўында оның нәтийжелилигин және де арттыратуғыны атап өтилди.

Семинар жуўмағында бул техниканың жол хожалығындағы нәтийжелилиги атап өтилип, бундай заманагөй техникалардың санын көбейтиў, оларды басқа районларға да кеңнен тартыў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.

                                                                             Қарақалпақстан хабар агентлиги