Трамп өзин Венесуэла Президенти ўазыйпасын атқарыўшы, деп жәриялады

Ақ үй басшысы Дональд Трамп социаллық тармақтағы бетинде өзин “Венесуэла Президенти ўазыйпасын атқарыўшы” деп атаған хабарды жайластырды. Тийисли сүўретке АҚШ жетекшиси “бул лаўазымда жумысты 2026-жыл январьда баслағаны” қосымша етилген.
Бул хабарға Ақ үй ямаса Веесуэла оппозициясы ўәкиллери ҳеш қандай рәсмий түсиник бермеген.
Еслетип өтемиз, Президент Николас Мадуро ҳәм оның зайыбы Силиа Флорес 3-январь күни арнаўлы операция шеңберинде АҚШтың Дельта күшлери тәрепинен қолға алынған. Америка рәсмийлери Мадуроны “наркотеррор”, қурал сақлаў ҳәм Венесуэла дипломатиялық паспортларын сатыўда айыплады. Мадуро айыплаўларды бийкарлап, “бул айыплаўлар өз мәмлекетиниң нефть резервине қол урыў ушын нықап” деди. Трамп болса жағдайға байланыслы мүрәжатында “АҚШ Венесуэланы басқаратуғынын” мәлим еткен.
Г.Сатторова, ӨзА