Студентлердиң буйыртпашы шөлкемлер менен бирге ислесиўи жолға қойылады

12

Ҳүкимет қарары менен “Жоқары билимлендириў шөлкемлери студентлериниң буйыртпашылар менен бирге ислесиўин шөлкемлестириў тәртиби ҳаққында”ғы реже тастыйықланды.

Реже бакалавриат бағдарында екинши ҳәм оннан жоқары курста оқып атырған студентлердиң оқыўы ушын шәртнама төлемлерин жумыс бериўшилер тәрепинен қаплап бериў ҳәм олардың оқыўы жуўмақланғаннан кейин жумысқа қабыл етиў тәртибин белгилейди.

Режеге бола, жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәм студентлер арасында 3 тәреплеме шәртнамалар дүзиўде жумысшылар саны 50 ден артық ямаса баҳасы кеминде 1 миллион АҚШ доллары болған инвестициялық жойбарларға ийе министрлик, уйым ҳәм шөлкемлер буйыртпашы сыпатында қатнасыўы мүмкин.

Студентлер ҳәр жылы 20-сентябрьге шекем таңлаўда қатнасыў ушын жоқары билимлендириў шөлкемине электрон арза тапсырады. Онда өзлестириў көрсеткишлери ҳаққындағы мағлыўматнама қосымша етиледи.

Студентлер оқыўды тамамлағаннан соң буйыртпашы кәрхана ямаса шөлкемде жумыс ислеў шәрти менен арза тапсырады.

Арза тапсырыў ҳәм таңлап алыўда қатнасыўшы талабанлардың усы оқыў жылында өзлестириў GPA көрсеткиши 3 ҳәм оннан жоқары болыўы талап етиледи.

Таңлаў комиссиясы ҳәр жылы 15-октябрьге шекем жоқары билимлендириў шөлкеминде талабанларды сәўбет тийкарында таңлап алыўдан өткереди.

Талапкерлерди таңлап алыўда буйыртпашы ўәкилиниң жуўмағы тийкарғы өлшем есапланады.

Үш тәреплеме шәртнама дүзген ҳәм билимлендириўди табыслы тамамлаған студентлер оқыўды тамамлағаннан кейин буйыртпашы тәрепинен белгиленген тәртипте жумысқа қабыл етиледи,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги