Алтын баҳасы және көтерилди

18

Бүгин COMEX халықаралық биржасында алтынның бир унциясы 4600 доллардан асты, деп хабар бермекте “Reuters” мәлимлеме агентлиги.

Атап өтилиўинше, бул көрсеткишке бир неше факторлар, соның ишинде, Қурама Штатларда Федерал резерв банкиниң баслығы Жером Пауэллге жынаят исиниң ашылыўы, Ирандағы наразылық көтерилислери, сондай-ақ, Ақ үй басшысының алдыннан болжап болмайтуғын баянатлары тәсир еткен.

Экономистлердиң пикиринше, алтын баҳасы келешекте өзгериўшең болса-да, узақ мүддетте жаңа рекорд дәрежелерге – 5000 доллар ҳәм оннан жоқарыға жетиўи мүмкин.

Алтын менен бир ўақытта басқа қымбат баҳалы металлардың баҳасы да кескин көтериледи. Атап айтқанда, гүмис ҳәм платина баҳасы 4 проценттен көбирекке артқан, палладийде де сезилерли өсиў бақланды.

Мағлыўмат орнында: 2025-жылы алтын баҳасы 64,4 процент, гүмис болса 141,4 процентке артқан. Бул өсимге процент ставкаларының төменлеўи, планетамызда геосиясий кескинликтиң күшейиўи ҳәм АҚШ долларына исенимниң төменлеўи тәсир еткен.

Ө.Алимов, ӨзА