Дубай усы жылы нақ пулдан ўаз кешпекте

2026-жылдың ақырына келип БАӘниң Дубай қаласында финанслық операциялардың 90 проценти санлы түрде әмелге асырылады, бул болса экономикалық өсиўди жылына 8 миллиард доллардан зыятқа арттырыўы мүмкин, деп жазбақта “Time out Dubai” басылымы.
Атап өтилиўинше, Әмирликте нақ пулсыз төлемлерге өтиў стратегиясы биринши мәрте 2024-жыл октябрьде жәрияланған. Бул режени әмелге асырыў қураллары банк ҳәм басқа да қосымшалар, карталар ҳәм келешекте санлы төлемлерде жасалма интеллектке тийкарланған инновацияларды өз ишине алады.

Қалада дүканлардың 100 проценти санлы төлемлерди қабыл етиўи ҳәм жергиликли халық толық санлы төлемлерди әмелге асырыў имканиятына ийе болыўы режелестирилген.
Дубай ҳәкимшилиги сондай-ақ, қала халқына финанслық технологиялар бойынша бир қатар хызметлерди усыныс етпекши екенин мәлим етти.
Ө.Алимов, ӨзА