Нөкисте ыссылық тәмийнатын модернизациялаў жумыслары басланбақта

29

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 11-марттағы «Турақ жай ҳәм имаратларды жыллылық энергиясы менен тәмийинлеў тараўын түп-тийкарынан реформалаў ҳәм имаратлардың энергия нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Саудия Арабстанының «Saudi Tabreed» компаниясы тәрепинен Нөкис қаласындағы РК-1 қазанханасын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында модернизациялаў жойбары бойынша әмелий жумыслар баслап жиберилди.

Бул жойбар Нөкис қаласын турақлы ҳәм заманагөй ыссылық энергиясы менен тәмийинлеўге қаратылған болып, оның биринши басқышы шеңберинде әҳмийетли шөлкемлестириўшилик ҳәм техникалық мәселелер көрип шығылды.

Жойбар шеңберинде қурылыс жумысларын баслаў ушын мөлшерленген аймақлар орнында көзден өткерилип, техникалық жағдай үйренилди ҳәм келешекте орынланатуғын жумыслар бойынша жуўапкерлер арасында өз-ара мәсләҳәтлесиўлер алып барылды.

Атап айтқанда, биринши басқышта 21 МВт электр энергиясы ҳәм 53 Гкал ыссылық энергиясын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болған заманагөй генераторларды орнатыў режелестирилип, бул қуўатлықлар есабынан 136 көп қабатлы турақ жай имараты, 39 социаллық объект ыссылық пенен тәмийинленди.

Сондай-ақ, жойбар шеңберинде 34,8 километр ыссылық трассасын тартыў, 120 көп қабатлы турақ жайдың ишки ыссылық системаларын толық жаңалаў бойынша да сөйлесиўлер алып барылып, ислеп шығарылатуғын 21 МВт электр энергиясын мәмлекетке сатыў механизми де айрықша үйренилди. Бул арқалы тек ғана ыссылық тәмийнаты жақсыланып қоймастан, ал, энергия нәтийжелилиги артып, экономикалық турақлылыққа ерисиў нәзерде тутылмақта.

– Жойбарды әмелге асырыў процесинде арнаўлы инженер-электрик, жойбар директоры, саўда менеджерлери Нөкис қаласында болып, жойбар объектлерин орнында үйренди. Сондай-ақ, бул процессте Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ-жай коммунал хожалығы министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери де қатнасып, жойбар бойынша усынысларын билдирди, – дейди усы министрликтиң баспасөз хаткери Азизбек Дабылов. -Келешекте жойбардың кейинги басқышлары шеңберинде де жумысларды басқышпа-басқыш даўам еттириў режелестирилген болып, бул Нөкис қаласының инженерлик-коммуникация системасын түп-тийкарынан жақсылаўға тийкар жаратады.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы