“Тосқынлықсыз туризм”: Өзбекстанда майыплығы болған туристлер ушын қолайлы инфраструктура жаратылады

Өзбекстан Республикасында майыплығы болған туристлер ушын қолайлы инфраструктура жаратыў “тосқынлықсыз туризм”ди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Бул концепция тек ғана туризм тараўындағы имканиятларды кеңейтеди, ал социаллық әдиллик ҳәм теңликти тәмийинлеўге де хызмет етеди. Кейинги жыллары мәмлекетимиз туризм инфраструктурасын модернизациялаўға үлкен итибар қаратпақта, атап айтқанда, тарийхый естеликлер, музейлер, мийманханалар ҳәм транспорт системаларында майыплығы болған шахслар ушын қолайлықлар енгизилмекте.
“Тосқынлықсыз туризм”ди әмелге асырыўда ең әҳмийетли тәреплерден бири – транспорт системасын бейимлестириў болып есапланады. Мәселен, қалаларда жәмийетлик транспортта арнаўлы пандуслар, кеңейтилген есиклер ҳәм белгилер арқалы майыплар ушын қәўипсиз ҳәм қолайлы ҳәрекетлениў имканияты жаратылмақта. Сондай-ақ, аэропортлар ҳәм темир жол станцияларында лифтлер, арнаўлы жәрдемши қурылмалар ҳәм хызмет көрсетиў хызметкерлериниң маманлығын арттырыў арқалы туристлер ушын хызмет сапасын жақсылаўға итибар қаратылмақта.
Туризм объектлеринде де кириў имканияты стандартларын енгизиў үлкен әҳмийетке ийе. Музейлер, тарийхый естеликлер ҳәм дем алыў орынларында арнаўлы жоллар, бейимлесиўшең инвентарь ҳәм аудио-гидлер арқалы майыплығы болған туристлер де мәдений ҳәм тарийхый тәжирийбеге толық ийе болыўы мүмкин. Бул тек ғана туристлер ушын қолайлылық жаратып қоймастан, ал мәмлекеттиң туризм потенциалын арттырыўға хызмет етеди.
Сондай-ақ, мәлимлеме технологиялары жәрдеминде “тосқынлықсыз туризм”ди раўажландырыў мүмкин. Мобиль қосымшалар ҳәм веб-сайтлар арқалы майыплығы болған туристлер ушын сәйкес объектлер, транспорт жөнелислери ҳәм хызметлер ҳаққында алдыннан мағлыўмат алыў имканияты жаратылмақта. Бул болса олардың саяхатларын режелестириўди аңсатластырады ҳәм Өзбекстанды қолайлы, қәўипсиз ҳәм инклюзивлик туризм мәканына айландырады,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги