“Өзбекстан – 2030” стратегиясы не ушын жетилистирилмекте?

17

“Өзбекстан – 2030” стратегиясы мәмлекетимиздиң орта ҳәм узақ мүддетли раўажланыўын белгилеп беретуғын тийкарғы бағдарламалық ҳүжжет болып есапланады. Ол Жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған реформалардың улыўма бағдары, тийкарғы мақсетлерин ҳәм әмелий механизмлерин өзинде жәмлейди.

Кейинги жыллары мәмлекетимизде социаллық-экономикалық раўажланыў, мәмлекетлик басқарыў, инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бағдарында салмақлы нәтийжелерге ерисилди. Бул процессте әлбетте, “Өзбекстан – 2030” стратегиясы әҳмийетли дерек болып хызмет етти. Бирақ жәмийетлик турмыс ҳәм глобаллық процесслер турақлы түрде жаңаланып бармақта. Жаңа экономикалық шараятлар, технологиялық өзгерислер ҳәм халықаралық майдандағы динамика мәмлекетлик сиясат алдына жаңа ўазыйпаларды қоймақта.

Сонлықтан “Өзбекстан – 2030” стратегиясын ҳәзирги реал шараят, халықтың ҳәм заманның талапларынан келип шыққан ҳалда жетилистириў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Жетилисип атырған стратегияның орайында мәмлекет басшысы тәрепинен алға қойылған тийкарғы идея – “Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек” деген принцип турады. Жаңа редакцияда стратегия бул идеяны әмелий мазмун менен байытып, мәмлекеттиң раўажланыўын және де нәтийжели, нәтийжеге бағдарланған ҳәм есап бериўши система тийкарында даўам еттириўди нәзерде тутады.

Стратегияны жетилистириў процесинде оның шеңберинде ерисилген нәтийжелер терең талланып, бар машқалалар инабатқа алынбақта. Соның менен бирге, мақсетлерге ерисиўди анық өлшеў имканиятын беретуғын нәтийжелилик көрсеткишлери қайта көрип шығылмақта. Ҳәр бир анық мақсет ушын жуўапкер мәмлекетлик уйым белгиленип, зәрүр финанслық дереклер ашық көрсетилиўи стратегияның орынланыўында жуўапкершилик ҳәм есап бериўди күшейтеди.

Және бир әҳмийетли тәрепи – стратегияның ҳәр бир пуқара ушын түсиникли ҳәм турмысқа сай болыўына айрықша итибар қаратылмақта. Жетилисип атырған “Өзбекстан – 2030” стратегиясы сондай етип қәлиплестирилмекте, ҳәр бир инсан оннан өзиниң турмысы, шаңарағы ҳәм перзентлериниң келешеги ушын қандай әмелий пайда бар екенин көре алыўы мүмкин. Яғный, стратегия улыўма сүренлер емес, ал күнделикли турмыста сезилип атырған анық өзгерислер дереги болыўы керек.

Стратегияда белгиленген орта мүддетли мақсетлердиң нәтийжелилик көрсеткишлери жаңа экономикалық, социаллық ҳәм технологиялық шақырықларға сәйкес түрде жаңаланбақта. Сондай-ақ, орынлаўды мониторинг етиў системасын толық санластырыў арқалы ашық-айдынлықты тәмийинлеў, қарар қабыл етиўде анық мағлыўматларға сүйениў ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, тараў, тармақ ҳәм аймақларды раўажландырыў бойынша қабыл етилип атырған барлық стратегиялық ҳүжжетлерди “Өзбекстан – 2030” стратегиясы менен үйлестириўге айрықша итибар берилмекте. Бул мәмлекетлик сиясаттың бир пүтинлигин ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлейди.

Ең әҳмийетли принципиаллық тәреплерден бири – стратегияның халық пенен мәсләҳәтлесиў тийкарында жетилистирилиўи болып есапланады. Жойбар жәмийетшиликтиң додалаўына қойылып, халық, экспертлер ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының усыныслары инабатқа алынады. Себеби, тек жәмийетлик пикирди өзинде сәўлелендирген ҳүжжет ғана турмыслық ҳәм нәтийжели болыўы мүмкин.

Жуўмақлап айтқанда, “Өзбекстан – 2030” стратегиясының жетилистирилиўи, бул – бар реформаларды тереңлестириў, заман талапларына бейимлестириў ҳәм олардың халық турмысындағы әмелий нәтийжесин арттырыўға қаратылған избе-из процесс болып есапланады. Ең әҳмийетлиси, бул стратегия бәринен бурын халқымыздың абаданлығына хызмет ететуғын улыўма миллий раўажланыў бағдарламасы сыпатында қәлиплестирилмекте.

Элдор Туляков,

“Тараққиёт стратегияси” орайының

орынлаўшы директоры