“Google” компаниясы “Gmail”ди AI платформаға айландырмақшы

“Google” компаниясы “Gmail” электрон почта хызметине жасалма интеллект тийкарындағы жаңа функцияларды қосып, дүньядағы ең ғалабалық платформаға айландырмақшы. Бул ҳаққында “Euronews” басылымы жазып шықты.
Жаңа имканиятлар арасында — “Help Me Write” (жазыўда маған жәрдем бер) функциясы болып, бул қурал пайдаланыўшының жазыў усылын үйренип, хатларды және де анық тәрийиплеў ушын реал ўақыт режиминде усыныслар береди. Буннан тысқары, “Gmail” узын жазыўларды қысқа мазмунға келтирип бериўи ҳәм кирип келген хатлар тийкарында орынланыўы керек болған жумыслар дизимин дүзиўи мүмкин болады. Бул имканиятлардың барлығы “Google”диң ең соңғы жасалма интеллект модели – “Gemini 3” тийкарында ислейди.
Бизге белгили, жасалма интеллект – компьютер системасының инсан пикирлеўине уқсас тәризде талқылаў ҳәм жуўмақ шығарыў қәбилети болып табылады. “Gemini 3” болса үлкен көлемдеги мағлыўматларды тез ҳәм логикалық қайта ислеўге мөлшерленген алдынғы модель есапланады. Дәслеп бул жаңалықлар тек АҚШта инглис тилинде усынылады. “Google” оларды кейин ала басқа мәмлекетлер ҳәм тиллерге де кеңейтиўди режелестирмекте.
Экспертлердиң пикиринше, “Gmail”ге жасалма интеллекттиң терең кирип барыўы айырым қәўетерлерди де келтирип шығарады. Надурыс жазылған хатлар, шалғытыўшы мағлыўматлар ямаса пайдаланыўшы сырларын таллаўға байланыслы жекелик мәселелери усылар қатарына киреди. “Google” барлық мағлыўматлар қорғалғанын ҳәм хатлар жасалма интеллектти оқытыў ушын пайдаланылмайтуғынын атап өтпекте.
Мусулмон Зиё, ӨзА