Түркий мәмлекетлер арасында инвестициялық бирге ислесиў жаңа басқышқа шықпақта

18

Кеше Астана қаласында Түркий Саўда-санаат палаталары аўқамының 3-Бас Ассамблеясы болып өтти, деп хабар бермекте Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баспасөз хызмети.

Атап өтилиўинше, бул мәжилисте Аўқамға басшылық биринши мәрте Қазақстанға тапсырылған. Сондай-ақ, конференцияда елимиз ўәкиллеринен Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығының кеңесгөйлери Алишер Шайхов ҳәм Жамил Мақсуди қатнасты.

Ассамблея қатнасыўшылары келеси дәўирдеги бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеп алды. Атап айтқанда, санаат кооперациясын күшейтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, Түркий инвестиция қорының имканиятларынан белсене пайдаланыў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында атап өтилди. Соның менен бирге, саўда ҳәм техникалық тосқынлықларды қысқартыў, халықаралық маршрутлар ҳәм логистика коридорларын раўажландырыў арқалы транспорт-логистика байланыслылығын беккемлеў де әҳмийетли тийкарғы бағдарлар сыпатында белгиленди.

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы түркий мәмлекетлер арасында бирден-бир экономикалық мәканды қәлиплестириў ҳәм әмелий экономикалық нәтийжелерге ерисиўге қаратылған басламаларда белсене қатнасыўға таяр екенин тастыйықлады.

Мағлыўмат орнында: Түркий саўда-санаат палаталары аўқамы 2019-жылы шөлкемлестирилген болып, ол ТМШға ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер арасында саўда, санаат, инвестиция, технология ҳәм басқа да экономикалық байланысларды раўажландырыўға қаратылған халықаралық платформа болып есапланады. Ҳәзирги күнде Аўқам қурамына Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия, Өзбекстан, Түркменстан ҳәм Венгрия киреди.

Ў.Алимов, ӨзА