Суўық күнде көшеде жүриўге қарағанда үйде отырыў қәўиплирек – Изертлеў

Қыстың суўық күнлеринде ашық ҳаўада көп жүриў жөтел ҳәм мурын ағыўына себеп бола ма? Қәнигелер бул пикирди толық тастыйықламайды. Лондон Империал колледжиниң вакцинология иммунологиясы профессоры Жон Трегоның атап өтиўинше, қыс айларында аязлаў кеселликлериниң көбирек дизимге алыныўы тиккелей себеп пенен емес, ал тосыннан сәйкес келиўи менен түсиндириледи.
Бунда айырым екинши дәрежели факторлар бар, мәселен, ультрафиолет нурлар вирусларды жоқ ете алады. Яғный инсан жазда ашық ҳаўада түшкирген ўақытта вирус тамшылары қуяш нурында активсизлениўи, тез пуўланыў болса олардың қурғап қалыўына алып келиўи мүмкин. Бирақ тийкарғы фактор адамлардың турмыс тәризине байланыслы: қыс мәўсиминде адамлар көбирек жабық имаратларда қалады, ҳаўа айланысы жетерли болмайды ҳәм өз-ара жақын байланыслар саны артады.
COVID-19 пандемиясы дәўиринде топланған мағлыўматлар инсанлар арасындағы байланыстың қаншелли әҳмийетли екенин көрсетти. Қатаң шеклеўлер ўақтында адамлар аз байланысқаны себепли көплеген басқа вируслар дерлик жоқ болып кетти, ҳәттеки грипптиң айырым штаммлары тарқалыў имканияты болмағаны ушын ҳәзир дерлик ушыраспайды.
Қәнигелер түрли вируслар қыстың түрли дәўирлеринде ҳәўиж алатуғынын атап өтеди. Трегоның сөзлерине бола, риновирус балалар мектепке қайтқан ўақытта, тар класс ханаларында микроблар тез тарқалыўы артынан көбейеди. Респиратор-синситиал вирус (RSV) болса, әсиресе, кекселер ҳәм нәрестелер ушын қәўипли болып, Жаңа жыл әтирапында ҳәўиж алады.
Соның менен бирге, оғада суўық шараят организмниң вирусларға шыдамлылығын төменлетиўи мүмкин. Егер инсан бәрқулла суўықта қалып, калория жоғалытса ҳәм шаршаған жағдайға түссе, инфекция жуғыў қәўпи артады. Изертлеўлер риновируслар төменирек температурада жақсырақ көбейетуғынын, суўық ҳаўада болса организмниң қорғаныў қәбилети бираз төменлейтуғынын көрсетеди.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, ең нәтийжели қорғаныў – қысқы вирусларға, соның ишинде, грипп ҳәм RSVге қарсы шаншыў болып есапланады. Вакциналар тек ғана инфекциядан сақлап қалмастан, ал жүрек соғыў қәўипин азайтыў сыяқлы қосымша унамлы тәсирлерге де ийе,- деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги