Айрықша жағдайларға таярлық қалай тәмийинленбекте?

14

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен Нөкис қалалық 1-Қутқарыў бөлиминде “Ўатансүйиўшилик айлығы” шеңберинде “Халық ҳәм армия бир тән, бир жан!” сүрени астында пресс-тур шөлкемлестирилди.

Илажға ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм жаслар мирәт етилип, тараўда әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, объектлерде ҳәм пуқаралардың жеке меншик турақ жайларында өрттиң ҳәм айрықша жағдайлардың алдын алыў бағдарында турақлы түрде үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Өрт ямаса айрықша жағдайлар  жүз бергенде оны сапластырыў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслардың тез ҳәм нәтийжели болыўы ушын турақлы түрде оқыў-шынығыўлары өткерилип, усындай жағдайларда керекли болатуғын техникалар ҳәм зәрүрли әсбап-үскенелердиң сазлығы тәмийинленбекте.

Қутқарыў бөлимлери ҳәзирги ўақытта ең заманагөй техникалар ҳәм әсбап-үскенелер менен тәмийинленген. Бөлимдеги жеке қурам ушын да қолайлы шараятлар жаратылған.

Илажда айрықша жағдайларды сапластырыўда қолланылатуғын техникалар ҳәм әсбап-үскенелердиң көргизбеси шөлкемлестирилип, қәнигелер тәрепинен олар туўралы мағлыўматлар берилди. Әмелий ҳәм көргизбели шынығыўлар көрсетилди.

Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан тхабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери