“Өзбекгидроэнерго” АЖда биринши мәрте заманагөй рискти басқарыў системасы жолға қойылды

Бул ҳаққында усы шөлкемниң мәлимлеме хызмети мәлим хабар берди. Оған бола, турақлылық ҳәм нәтийжели басқарыўдың әҳмийети заманагөй экономикалық ҳәм технологиялық шараятта және де артпақта. Сол себепли, “Өзбекгидроэнерго” АЖ басшылығында рисклерди избе-из ҳәм системалы басқарыўға қаратылған әҳмийетли қәдем қойылды.
Хабарда атап өтилгениндей, заманагөй экономикалық ҳәм технологиялық шараятта кәрханалардың турақлылығы рисклерди избе-из ҳәм системалы басқарыўды талап етеди. Халықаралық көлемде бул процессти тәртипке салыўшы тийкарғы ҳүжжетлерден бири – ISO 31000:2018 “Risk Management – Guidelines” стандарты болып, ол рисклерди анықлаў, баҳалаў ҳәм басқарыўды ашық-айдын ҳәм комплексли қатнаслар тийкарында шөлкемлестириўге хызмет етеди. Стандарттың бейимлесиўшеңлиги оны ҳәр қыйлы тараў ҳәм басқарыў дәрежелеринде қолланыўды аңсатластырады.
Мәмлекетимиз санаат кәрханалары арасында “Өзбекгидроэнерго” АЖ усы стандартты бириншилерден болып енгизген кәрханалардан бири болды. Компанияда биринши мәрте ISO 31000:2018 талаплары тийкарында рисклерди басқарыў системасы қәлиплестирилди ҳәм ол стратегиялық режелестириў, инвестициялық жойбарларды баҳалаў, техникалық қәўипсизлик, операциялық басқарыў ҳәм мониторинг процесслерине интеграцияланған. Бул көзқарас қәўип-қәтерлерди теориялық баҳалаў менен шекленбей, оларға әмелий басқарыў илажларын белгилеў имканиятын беретуғын функционал система сыпатында енгизилди.

Рискти басқарыўдың әмелдеги нәтийжелилиги ғәрезсиз халықаралық экспертлер тәрепинен өткерилген аудиторлық тексериў арқалы баҳаланды. Тексериў процесинде рисклерди анықлаў, тийкарғы бағдарларды белгилеў, риск реестри ҳәм риск карталарын жүргизиў, басқарыў илажларын ислеп шығыў ҳәм мониторинг механизмлериниң ISO 31000:2018 талапларына муўапықлығы атап өтилди. Соның менен бирге, қарарлар қабыл етиў процесинде риск анализлеринен пайдаланылып атырғаны тастыйықланды.
ISO 31000:2018 тийкарындағы қатнас компанияда стратегиялық басқарыўды жетилистириў, операциялық турақлылықтың артыўы ҳәм қәўипсизлик талапларының избе-из орынланыўына хызмет етпекте. Рисклерди басқарыў системасының қолланылыўы анықсызлықларды алдыннан баҳалаў, ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм жумысты басқарыўда зәрүр анықлықты тәмийинлеў имканиятын бермекте.
Жәмийет тәрепинен енгизилген бул қатнас басқа санаат кәрханалары ушын да әмелий тәжирийбе сыпатында үлги бола алады. Бул болса рисклерди басқарыў системаларының мәмлекет көлеминде басқышпа-басқыш раўажланыўы ҳәм улыўма басқарыў көзқарасларын жетилистириўге түртки болады.
ӨзА