Нотариал ҳәрекетлерди видеоконференцбайланыс режими арқалы әмелге асырыў тәртиби белгиленди

13

“Нотариал ҳәрекетлерди видеоконференцбайланыс режими арқалы әмелге асырыў тәртиби ҳаққында”ғы реже Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилди (дизим номери: 3742, 05.01.2026 ж.).

Реже нотариуслар тәрепинен физикалық ямаса юридикалық шахстың ўәкили нотариал уйымға келмегенде аралықтан видеоконференцбайланыс режими арқалы нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыў тәртибин белгилейди.

Режеге бола, нотариал ҳәрекетлер видеоконференцбайланыс режиминде E-notarius.uz мәлимлеме порталы ҳәм Нотариус автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы тастыйықланады.

Мүрәжат етиўши нотариал ҳәрекетти видеоконференцбайланыс режиминде әмелге асырыў ушын электрон тармақтан пайдаланыў шәртлери менен танысады ҳәм разылығын тастыйықлайды.

Мүрәжат етиўши электрон тармақта тастыйықлаўды сорап атырған нотариал ҳәрекеттиң атын анық көрсетеди ҳәм зәрүр мағлыўматларды толтырады.

Нотариус мүрәжат келип түскен ўақыттан баслап 1 жумыс күни ишинде оны үйренип шығады ҳәм онда кемшиликлер бар ямаса жоқ екенлиги ҳаққында хабарнама жибереди.

Нотариус пенен жеке сөйлесиў даўамында нотариал ҳәрекет тәреплери жайласқан орында олардан басқа шахслар болмаўы, олар жайласқан орын шаўқымсыз, жақты болыўы ҳәм видеокөринис анық көриниўи шәрт.

Нотариал ҳәрекет жойбары қол қойыў ушын таяр болғаннан соң нотариус тәрепинен тәреплерге олардың ҳуқық ҳәм миннетлемелери, әмелге асырылып атырған нотариал ҳәрекеттиң мазмуны ҳәм ақыбетлери түсиндириледи, -деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги