“Арнаўлы комиссия өз жумысын тоқтатқан жоқ”- Рәсмий билдириў

23

Ҳаўа сапасының төменлеўи бойынша Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң рәсмий билдириўи жәрияланды. 

Атап өтилиўинше, соңғы күнлерде мәмлекетимизде температура инверциясы менен байланыслы қолайсыз метеорологиялық шараятлар ақыбетинде ҳаўа сапасының төменлеўи бақланбақта. Жағдай бойынша Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети баслығының орынбасары Искандар Қутбиддинов мағлыўмат берди.

Бул ҳәдийсе күндизги ҳәм кешки ҳаўа температурасының айырым жағдайларда 14 градусқа шекем кескин парықланыўы, думан түсиўи, самал тезлигиниң төменлеўи нәтийжесинде патасландырыўшы элементлердиң атмосфера ҳаўасында тарқалыўын қыйынластырмақта.

Атап өтилиўинше, Арнаўлы комиссия өз жумысын тоқтатқан жоқ. Экологиялық жағдай бойынша халыққа турақлы мәлимлеме бериў менен бирге тийисли шөлкемлердиң жумысын муўапықластырмақта.

Бүгинги күнде Арнаўлы комиссияның итибары санаат ҳәм хожалық объектлеринде экологиялық рейдлер ҳәм қадағалаў илажларына қаратылған.

Қолайсыз ҳаўа-райы шараятында атмосфера ҳаўасына антропоген (яғный, инсан жумысы) жүгин азайтыў ушын кәрханалардың қуўатлылықлары шекленбекте ҳәм айырымларының жумысы тоқтатылмақта.

1-7-январь күнлери Ташкент қаласындағы 12 ҳәм Ташкент ўәлаятындағы 22 өндирислик кәрханада тексериўлер өткерилди ҳәм тәсиршең илажлар көрилди. Атмосфера ҳаўасын патасландырған онлаған автотранспорт қуралларына ҳәкимшилик шаралар қолланылды.

Соның менен бирге, профилактикалық илажлар да әмелге асырылмақта: шығынды дереклери үстинен мониторинг күшейтилди, атмосфера ҳаўасының сапасы жедел баҳаланып барылмақта.

Қәнигелердиң таллаўларына бола, қолайсыз метеорологиялық шараятлар 16-17-январь сәнесине шекем сақланыўы күтилмекте. Антциклонлар келиўи нәтийжесинде жаўын-шашын жаўыўы ҳәм самал тезлигиниң артыўы менен атмосфера ҳаўасының сапасы нормалласыўы күтилмекте.

Температура инверциясы қысқа мүддетли ҳәм алдыннан болжанатуғын метеорологиялық ҳәдийсе болып, бул дәўирде мәмлекетлик шөлкемлер күшейтилген режимде жумыс алып барады ҳәм патасланыўды жумсартыў ушын сынақтан өткен илажлар әмелге асырылады.

Арнаўлы комиссия тәрепинен экологиялық рейдлер ҳәм мониторинг илажлары инверсия жуўмақланғаннан кейин де даўам еттириледи. Көрилип атырған барлық илажлар жүзеге келген қәўип-қәтерлерди минималластырыў ҳәм халықтың экологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған.

Барлық илажлар илимий тийкарланған усынысларға қатаң әмел еткен ҳалда әмелге асырылып келинбекте,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги