Енди неке шәртнамасын аралықтан тастыйықлаў мүмкин

10

Әдиллик министрлиги тәрепинен “Нотариуслар тәрепинен неке шәртнамаларын тастыйықлаў тәртиби ҳаққында”ғы реже мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Жаңа тәртипке бола:

Рәсмийлестириў түрлери: Неке шәртнамасы нотариал уйым имаратында, видеоконференцбайланыс арқалы ямаса мүрәжат етиўшилердиң қәлеўине бола көшпели тәртипте рәсмийлестирилиўи мүмкин.

Мүрәжат етиў: Пуқаралар нотариал уйымға жеке келип ямаса аралықтан турып My.gov.uz  порталы ҳәм E-notarius.uz мәлимлеме системасы арқалы арза бериўи мүмкин.

Нотариус миннетлемелери: Шәртнаманы тастыйықлаў процесинде тәреплердиң неке жасына жеткенлиги, некеде бар яки жоқлығы ҳәм алдын бундай шәртнама дүзилмегенлиги қатаң тексериледи.

Қол қойыў тәртиби: Төлемлер әмелге асырылып, жойбар таярланғаннан соң, тәреплер нотариус жанында жеке өзи қатнасып, ҳүжжетке қол қояды.

Бул жаңалық тараўда санластырыў көлемин кеңейтиў ҳәм пуқараларға қолайлық жаратыўға хызмет етеди, делинеди хабарда,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги