Стоматология тараўындағы хызметлер көлеми артпақта
19

Стоматология тараўындағы хызметлер көлеми артып бармақта. Бул ҳаққында Миллий статистика комитети мағлыўмат берди.
Мәлим етилиўинше, 2025-жылдың январь-ноябрь айларында денсаўлықты сақлаў тараўындағы хызметлердиң көлеми 18,2 триллион сумды қураған.
Бул тараўдағы хызметлердиң улыўма 31,1 процентин емлеўхана мәкемелериниң хызметлери, 15,7 процентин медициналық әмелият ҳәм стоматология тараўындағы хызметлердиң үлесине туўра келген.
Комитет мағлыўматларына бола, денсаўлықты сақлаў тараўындағы хызметлер көлеми 2024-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 15,3 процентке артқан,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги