3 жасқа шекемги баланы тәрбиялап атырған ҳаялға қысқартылған жумыс ўақты бериледи

7

Нызамшылыққа бола, 3 жасқа толмаған баланың бюджет шөлкемлеринде ислейтуғын анасына ҳәптесине 35 сааттан аспаған жумыс ўақты белгиленеди ҳәм бунда мийнет ҳақы азайтылмайды.

Бундай жағдайларда бюджеттен қаржыландырылмайтуғын жумыс бериўшилерде ислейтуғын ата-аналардан бирине, қәўендерине қысқартылған жумыс ўақтының даўамлылығы жәмәәтлик келисимлерде, сондай-ақ, жәмәәтлик шәртнамада ямаса жумыс бериўши тәрепинен кәсиплик аўқамы комитети менен келисилген ҳалда қабыл етилетуғын ишки ҳүжжетлерде белгиленетуғыны мүмкин.

Жумыс бериўши ҳәмиледар ҳаялдың, 14 жасқа толмаған баланың (16 жасқа толмаған майыплығы болған баланың) анасының өтиниши бойынша медициналық жуўмақ тийкарында толық емес жумыс ўақтын белгилеўге мәжбүр.

16 жасқа толмаған майыплығы болған баланы тәрбиялап атырған анаға айына қосымша бир дем алыс күни берилип, мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қаржылары есабынан усы ўақыт ушын бир күнлик мийнет ҳақы муғдарында напақа төленеди,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги