Ўәделерден әмелиятқа: Доха форумы қалай өтти?

38

Қатар Әмири, Сирия Президенти, Аўғанстан ўақтынша ҳүкимети, АҚШ жетекши ҳаялы Хиллари Клинтон, миллиардер Билл Гейтс ҳәм Өзбекстан делегациясы… ӨзА журналистиниң объективи Қатарда өткен Доха форумына қаратылды.

Қатарда ҳәр жылы өткерилетуғын абырайлы Доха форумы өткен жылдың 6-7-декабрь күнлери болып өтти. Қатар Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Соний тәрепинен шөлкемлестирилген әнжуман дүньяның түрли регионларынан мәмлекет басшылары, дипломатлар, бизнес жетекшилери, халықаралық шөлкемлер ҳәм медиа ўәкиллерин бир жерге жыйнады.

23-Доха форумы бул рет “Әмелде әдиллик: ўәделерден нәтийжелерге” сүрени астында өтти. Тема глобаллық жәмийетшиликти әмелий шешимлерге шақырыў, сондай-ақ, Қатардың халықаралық кризислерге салмақлы ҳәм жуўапкершиликли қатнасын және бир мәрте көрсеткени менен әҳмийетли.

Әнжуман қатнасыўшылары бул мәмлекеттиң халықаралық тынышлыққа бағышланған қатаң позициясын тән алды. Форумның ашылыў мәресиминде Қатар Әмири қатнасып, шығып сөйледи. Ушырасыўда “Education Above All” (Бәрше ушын билимлендириў) қоры менен биргеликте Палестина ҳәм Аўғанстанда балалар билимлендириўин қоллап-қуўатлаўға қосқан үлеси ушын Алекс Тиер ҳәм Саъд Муҳсенийге “Doha Forum”  сыйлығы тапсырылды.

– Биз ҳақыйқый, инклюзив ҳәм есап бериўши глобаллық басқарыўды тәмийинлеў – бүгинги күнниң ең үлкен ўазыйпасы екенин тән алыўымыз керек, – деди форумның атқарыўшы директоры Муборак Ажлан ал-Куварий.

Итибарлы тәрепи, форумда дүнья сиясий сахнасының ең абырайлы шахслары, соның ишинде, Гана, Сирия, Ливан, Қатар ҳәм Курдстан президентлери, Түркия, Испания, Нигерия, Либерия ҳәм Греция сыртқы ислер министрлери, Жәҳән экономикалық форумының басшылары, АҚШтың бурынғы мәмлекетлик хаткери Хиллари Клинтон және белгили исбилермен ҳәм “Microsoft” компаниясының тийкарын салыўшысы Билл Гейтс те қатнасты.

Мәжилисте регионларға тынышлық, турақлылықты тәмийинлеў мәселелерине бағышланған “Ғазо ҳәм Жақын Шығыста тынышлық перспективалары”, “Энергетика, қәўипсизлик ҳәм саўда тараўларындағы жаңаланған бирге ислесиў имканияты”, “Қаржыландырыўдағы глобаллық қысқарыўлар фонында медициналық хызметтиң турақлылығы” сыяқлы бир қатар сессиялар да шөлкемлестирилди.

– Мен ҳаққында мыш-мышлар жүдә көп, – деди Сирияның ўақытша президенти Аҳмад Аш-Шаръа “CNN” телеканалына берген эксклюзив интервьюинде. – Бәринен бурын, мен ҳеш қашан тыныш халық ўәкиллерине қарсы келиспеўшиликке барғаным жоқ ҳәм ҳәзирги ўақытта БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң терроршылар дизиминде емеспен.

Форум шеңберинде өткерилген ең әҳмийетли сессиялардан бири сыпатында “Медиация бөлинген дүньяда” темасына айрықша итибар қаратылды. Бул сессияда Қатар Мәмлекетиниң Бас министри, сыртқы ислер министри шайх Муҳаммад бин Абдураҳмон Ол Соний, ЕА сыртқы сиясат бойынша жоқары ўәкили Кая Каллас, Испания сыртқы ислер министри Хосе Мануэль Альбарес, Түркия сыртқы ислер министри Ҳоқон Фидан пикир ҳәм тәжирийбелери менен ортақласты.

Қатар Бас министри ҳәм сыртқы ислер министри көп жағдайларда әдиллик халықаралық ҳуқық тараўында дерлик көринбей қалғанын, ҳуқықый механизмлер нәтийжелилигиниң төменлеўи жәҳән кризислерин және де күшейтип атырғанын атап өтти.

– Бүгинги күнде дүнья жүзи нызам үстинлиги ҳәм әдалатлы халықаралық тәртипке исенимди тиклеўге ҳәр қашанғыдан да көбирек мүтәж. Регионаллық машқалаларды глобаллық нызамсызлық ҳәм халықаралық нормаларға болған ҳүрметтиң төменлеўи менен байланыслы ҳалда көрип шығыў мүмкин емес. Дүньяға жаңа ўәделер емес, ал сөзлерди әмелге айландыратуғын әдил тәртип керек, – деди Ол Соний.

Миллиардер Билл Гейтс те илажда шығып сөйледи. Ол санлы дүняда барлық имканиятлар артып атырғаны, бирақ буннан дурыс пайдаланып, халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм машқалалы аймақларда коммуникация арқалы унамлы кейпият бөлисиў зәрүр екенлигин айтты.

Форумның жабылыў бөлиминде Қатар биринши ханымы Муза бинт Носир ал Миснид шығып сөйлеп, сөйлесиўлер әмелий ҳәрекетлерге айланыўы керек екенлигин атап өтти. Оның пикиринше, әдалатлы келешекке ерисиў ушын жәмәәтлик жуўапкершилик ҳәммеден талап етиледи.

Тарийхый саммитте Өзбекстан тәрепинен алға қойылған Аўғанстанды жедел тартыў арқалы Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланыслылықтың жаңа системасын қәлиплестириўге қаратылған баслама – Термиз сөйлесиўине бағышланған арнаўлы сессия өткерилди. Кейинги материалларымыз арқалы бул ҳаққында толық мағлыўмат беремиз.

 

Беҳруз Худойбердиев,

Искандар Исматов (видео), ӨзА 

Доҳа, Қатар