ЕА басшылығы Кипрге өтти

Кипр рәсмий түрде Европа Аўқамы басшылығын қабыл етти. Никосияда болып өткен ушырасыўда Европа Комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляйен, Европа Кеңеси Президенти Антониу Кошта ҳәм Украина Президенти Владимир Зеленский қатнасты.
Кипр Президенти Никос Христодулидис мәмлекет басшылығы дәўиринде Киев ең тийкарғы ўазыйпа болатуғынын атап өтип, Украинаның суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлиги қатаң қоллап-қуўатланатуғынын билдирди.
Кипрге сапары даўамында Зеленский атаў-мәмлекет басшылары менен мәмлекети ушын халықаралық жәрдем ҳәм қәўипсизлик кепиллигин додалағаны айтылмақта.
С.Раҳимов, ӨзА