Прокуратура уйымлары хызметкерлери күни белгиленбекте

8-январь – Өзбекстан Республикасы прокуратура уйымлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен салтанатлы илаж шөлкемлестирилди.
Илажда Президенттиң баспасөз хаткери Шерзод Асадов мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң прокуратура уйымларының хызметкерлери ҳәм ветеранларына байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Қутлықлаўда соңғы жыллары прокуратура уйымларының жумысында әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде олар халыққа жақын болып, инсан қәдири, ҳуқықлары менен еркинликлери, нызамлы мәплерин тиккелей орынларда тәмийинлеп атырған системаға айланғаны айрықша атап өтилди.
Атап айтқанда, өткен жылы дерлик 512 мың пуқараның бузылған ҳуқықларыныӊ тикленгени, 54 мыңға шамалас мүрәжат, соның ишинде, 29 мыңға шамалас исбилерменниң мәселелери унамлы шешилгени прокуратура уйымлары жумысының нәтийжелилигин анық көрсетип тур.

Мәҳәллелерде жынаятшылықтың алдын алыўға қаратылған системалы профильактикалық жумыслар тийкарында аўыр категориядағы мәҳәллелердиң саны дерлик 1,5 есеге азайды. Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў бағдарында мыңлаған ҳуқықбузарлықлардың алды алынып, мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине жеткерилген үлкен муғдардағы зыянлар өндирилди.

Президентимиздиң қутлықлаўында санластырыў, кибержынаятларға қарсы гүресиў, тергеў процесслерине заманагөй технологияларды енгизиў, ашық-айдынлықты және де күшейтиў әҳмийетли ўазыйпа екени айрықша атап өтилди. Прокуратура хызметкерлери нызам үстинлиги ҳәм әдиллик тымсалы болыўы, халықтың исенимин ақлаўы зәрүр екенлиги атап өтилген.
Илажда Президент пәрманы менен орден ҳәм медаллар менен сыйлықланған прокуратура хызметкерлерине Президент Администрациясы басшысының орынбасары Нодира Ҳакимова усы жоқары сыйлықларды тапсырды.
Н.Абдураимова,
ӨзА