Ҳүрметли прокуратура уйымлары хызметкерлери!

Сизлерди бүгинги 8-январь – Өзбекстан Республикасы Прокуратурасы уйымлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.
Өткен дәўир ишинде прокуратура уйымларының жумыс алып барыўы мәмлекетлик реформаларға сәйкес түрде жетилистирилип барылды. Буның нәтийжесинде тараўдың, халқымыздың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслары еледе жақсыланды. Ең баслысы, мәмлекетимизде нызам үстемлигин тәмийинлеў бағдарындағы әмелге асырылып атырған жумыслар түп-тийкарынан беккемленди.
Ҳүрметли тараў пидайылары, сизлердиң машақатлы соның менен бирге мақтанышлы кәсибиңизди минсиз атқарыўдағы мийнетиңиз бәрҳама итибарда ҳәм ҳүрметке ылайық.
Бүгинги байрам мүнәсибети менен сизлерди және бир мәрте қызғын қутлықлап, шаңарағыңызға аманлық, жумысларыңызда табыс, машақатқа толы мийнетиңизди атқарыўда талмас күш-ғайрат тилеп
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы