Аўғанстан рәсмийлери өзбек тилинен пайдаланыўды шеклеў ҳаққындағы хабарларды бийкарлады

48

Аўғанстанда өзбек тилиниң қолланылыўына шеклеўлер енгизилип атырғаны ҳаққында хабарлар тарқалды. Өзбекстан тәрепи Аўғанстан СИМ менен жағдайға анықлық киргизди.

Аўғанстан рәсмийлери бул хабарлар ҳақыйқатқа туўра келмейтуғынын, мәмлекет аймағында өзбек тилиниң қолланылыўына ҳеш қандай шеклеў жоқ екенлигин қатаң атап өтип, Аўғанстан ҳүкимети ҳәм халқы дос өзбек халқына ҳәм тилине терең ҳүрмет пенен мүнәсибетте екенин айрықша атап өтти.

Мәлим етилиўинше, ҳәзирги ўақытта мәмлекет бойлап ЖООлары ҳәм улыўма билим бериў мектеплерге илдирилген жазыўларды “бирден-бир стандарт тийкарында тәртипке салыў жумыслары” алып барылмақта. Бул әмелиятқа бола, билимлендириў мәкемелериниң таблоларындағы жазыўлар пүткил мәмлекет бойлап үш тилде – пушту, дарий ҳәм инглис тиллеринде сәўлелендириледи.

Соның менен бирге, мәмлекеттиң арқа аймақлары, соның ишинде, Саманган университети ушын бурынғысынан басқаша тәризде жазыўлар пушту, дарий ҳәм өзбек тиллеринде берилиўи белгиленген.

Атап өтилиўинше, Аўғанстан ҳүкимети тарийхта биринши мәрте Жоузжан мәмлекетлик университетинде усы жылдан баслап магистратура басқышында “Өзбек тили ҳәм әдебияты” факультетин шөлкемлестириўди режелестирмекте.