Patriot ракетасын ислеп шығарыў көбейеди

33

Америка қорғаныў компаниясы “Lockheed Martin” Трамп ҳәкимшилиги менен “Patriot” тутыўшы ракетасын жеткерип бериў бойынша жаңа рамкалы келисимге еристи. Шәртнамаға бола, енди ең соңғы маркадағы бундай қурал-жарақ ислеп шығарыў жети жыл ишинде жылына ҳәзирги 600 данадан 2000 данаға көтериледи.

– Ҳүкимет пенен PAC-3 MSE ракетасын жыйнаў процесин сезилерли дәрежеде жеделлестириўге қарар еттик, – деп жазды кәрхананың жуўапкер ўәкили социаллық тармақ арқалы. – Үскенелер, сынаў қурылмасы ҳәм 13 000 нан аслам жеткерип бериў тармағы бөлимлери тәмийнат шынжырының турақлылығын арттырады.

Кейинги еки жылда усы маркадағы қурал ислеп шығарыў 60 процентке артқан. Атап айтқанда, 2025-жылы 620 дана ракета жеткерип берилип, өткен жылға салыстырғанда 20 процентке өсиўге ерисилген.

MSE – “Missile Segment Enhancement” бағдарламасы “Patriot Advanced Capability-3” – PAC-3  ракетасының жетилистирилген түри болып, ҳәр қыйлы ҳаўа нышанын услаў ҳәм жоқ етиўге арналған.

С.Раҳимов, ӨзА