Украина, Уллы Британия ҳәм Франция биргеликтеги декларацияға қол қойды

17

Сырт ел ғалаба хабар қуралларының хабар бериўинше, Украина, Франция ҳәм Уллы Британия басшылары Парижде Киевтиң қорғаныўы, тиклениўи ҳәм стратегиялық турақлылығын қоллап-қуўатлаў ушын көп миллетли күшлерди жайластырыў нийети улыўмаластырылған декларацияға қол қойды.

Владимир Зеленский, Эммануэль Макрон ҳәм Кир Стармер қол қойған ҳүжжет Парижде болып өткен “Ықтыярлы коалиция” саммитинен соң қабыл етилди.

Бул ушырасыўда Киевтиң қорғаныў потенциалын қоллап-қуўатлаў ҳәм тынышлыққа ерисиў жолындағы сиясий қәдемлер додаланды.

Россия менен келисим дүзилген жағдайда әскер жибериўге таяр екенлигин билдирген Уллы Британия ҳәм Франция басшылығындағы 35 мәмлекет ўәкиллери “Ықтыярлы коалиция” басшыларының сөйлесиўинде қатнасты.

Додалаў Украина ушын қәўипсизлик кепиллигин тәмийинлеў механизмин жаратыўға қаратылды.

Г.Сатторова, ӨзА