Өзбекстан-Қытай: еки бағдарда “1+3” қоспа билимлендириў бағдарламасын ашыў бойынша келисимлерге ерисилди

25

Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги мәлимлеме хызметиниң мағлыўматына бола, Қытайдың Халықаралық бизнес ҳәм экономика университетинде (UIBE) Ташкенттеги Пиза университети филиалы ҳәм “Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты” АЖ ўәкиллери арасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыў даўамында тәреплер арасында келешектеги бирге ислесиў перспективалары, алдынғы билимлендириў технологияларын енгизиў ҳәм студентлер ушын қоспа академиялық бағдарламаларды шөлкемлестириў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды. Сондай-ақ, жоқары билимлендириў тараўында тәжирийбе алмасыў ҳәм профессор-оқытыўшылар ушын қәнигелик арттырыў бағдарламалары бойынша да пикир алысылды.

Сөйлесиўлер нәтийжесинде “Халықаралық саўда” ҳәм “Бизнести басқарыў” бағдарларында “1+3” қоспа билимлендириў бағдарламасын ашыў бойынша келисимлерге ерисилди. Бул бағдарлама студентлерге биринши жылды Ташкенттеги Пиза университети филиалында оқыў имканиятын береди, кейинги үш жылда болса олар UIBE университетинде илимий ҳәм әмелий билим алады. Бул бирге ислесиў тек ғана студентлер ушын емес, ал еки мәмлекеттиң жоқары билимлендириў системалары ушын да әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Өзбекстан делегациясының Қытайға еткен бул әмелий сапары еки мәмлекет арасындағы академиялық байланысларды беккемлеў ҳәм заманагөй халықаралық билимлендириў бағдарламалары ушын жаңа имканиятлар жаратыўда айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтиў керек.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА