Өзбекстанда сырт елли студентлер саны артпақта

Соңғы жыллары Өзбекстанға оқыў мақсетинде келип атырған сырт еллилердиң саны артып бармақта. Мәмлекетимизде билим алып атырған сырт еллилер арасында ең үлкен үлес Ҳиндстан ҳәм Түркменстан пуқараларына туўра келмекте.
Атап айтқанда, Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, өткен жылдың январь-ноябрь айларында жәми 37 мыңнан аслам сырт ел пуқаралары оқыў мақсетинде Өзбекстанға келген.
Бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўири менен салыстырғанда 54,3 процентке артқан.
Өзбекстанға оқыў мақсетинде келген сырт ел пуқараларының саны мәмлекетлер бойынша төмендегише:
Ҳиндстан – 16,3 мың,
Түркменстан – 8,9 мың,
Тәжикстан – 2,7 мың,
Пакистан – 1,7 мың,
Қытай – 1,4 мың,
Қубла Корея – 870,
Қырғыз Республикасы – 823,
Египет – 737,
Филиппин – 501,
АҚШ – 464,
Түркия – 357,
Аўғанстан – 291,
Иордания – 194,
Уллы Британия – 179,
Россия – 164,
ҚАР – 155,
Иран – 115,
Қазақстан – 113,
Бангладеш – 97,
Италия – 94.
Гулноза Бобоева, ЎзА