“Өзбекстан – 2030” стратегиясы пуқаралық жәмийети институтлары тәрепинен додаланбақта

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде пуқаралық жәмийети институтларының қатнасыўында ушырасыў болып өтти. Онда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарход Эрманов қатнасты.
Ушырасыўда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары, илимий топарлар ҳәм экспертлердиң ўәкиллери қатнасып, “Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгиленген тийкарғы бағдарларды турмысқа енгизиў, оларды заман талапларына сай түрде жетилистириў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Додалаўлар процесинде “Өзбекстан – 2030” стратегиясының социаллық-экономикалық раўажланыў, инсан капиталын арттырыў, санлы трансформация, жасыл экономика, нәтийжели мәмлекетлик басқарыў ҳәм пуқаралық жәмийетиниң ролин күшейтиўге қаратылған мәселелерге айрықша итибар қаратылып, стратегияның орынланыўын тәмийинлеўде жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў, ашық-айдынлық принциплерин буннан былай да беккемлеў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Илажда атап өтилгениндей, пуқаралық институтларын стратегиялық ҳүжжетлерди ислеп шығыўға ҳәм әмелге асырыў процесслерине кеңнен тартыў, халықтың мәплерин есапқа алған ҳалда қарарлар қабыл етиў нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги