Пуқаралардың мийнет ҳақылары өндирип берилди

23

Мәжбүрий орынлаў бюросы Шоманай районлық бөлими тәрепинен мийнет ҳақысын өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжетлериниң өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, пуқаралардың бузылған ҳуқықларын тиклеў бойынша бир қатар әмелий жумыслар алып барылмақта.

Соның ишинде, пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлар аралық судының орынлаў ҳүжжетине тийкарланып қарыздар Шоманай районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 4, 24 ҳәм 32-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринен өндириўшилер үш муғаллимниң пайдасына жәми 30 миллион 400 мың сум мийнет ҳақысын өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжети бойынша Бюроның Қоңырат районлық бөлими тәрепинен орынлаў ҳәрекетлери алып барылды.

Бул процессте мийнет ҳақының толық өндирилиўи тәмийинленип, пуқаралардың бузылған ҳуқықлары тикленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги