Экологиялық стикерди онлайн рәсмийлестириў жолға қойылды

18

Енди экологиялық категориясы анықланған автотранспорт қуралына экологиялық стикер алыў ушын ЖПХ уйымларына барыў шәрт емес. Оны аралықтан, my.gov.uz арқалы алсаңыз болады.

Буның ушын my.gov.uz порталына ямаса мобиль қосымшасына кирип, излеў қатарына “Экологиялық стикер” деп жазың ямаса “Транспорт” бөлиминен “Автотранспорт қуралына экологиялық стикер алыў” хызметин таңлаң.

Мағлыўматлар автоматикалық түрде қәлиплеседи, сиз тек ғана арзаны тастыйықлайсыз.

Таяр стикер 10 күн ишинде үйиңизге жеткерип бериледи.

Стикердиң өзи ҳәм арза тапсырыў бийпул. Тек ғана почта арқалы үйге жеткерип бериў хызмети ушын 20 600 сум төленеди.

Еслетип өтемиз, Өзбекстанда 2026-жыл 1-январьдан баслап “Экологиялық транспорт” системасы күшке кирди, -деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги