Садир Жапаров қырғыз-тәжик шегарасындағы келиспеўшиликлерди шешиўде Шавкат Мирзиёевтиң орнын тән алды

13

Қырғызстан Президенти ҳаққындағы ҳүжжетли фильмде Садир Жапаров қырғыз-тәжик шегарасындағы кескин жағдайға тоқтап, өз-ара келисимге келиўде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мәсләҳәти ҳәм салмақлы дипломатиялық көзқарасы әҳмийетли болғанын атап өтти.

“Саммитлерде ҳәм ушырасыўларда биринши болып Тәжикстан басшысына “Келиң, отырып шегара мәселесин сөйлесип алайық,” деп айттым. Дәслеп ол буған келисим бермеди. Екинши мәрте ушырасқанымызда болса Тәжикстан тәрепи шегара мәселесин додалаўға келисим билдирди.

Усы жерде айрықша атап өтиўим керек, бунда Өзбекстан президенти Шавкат Мирзиёевтиң роли жүдә үлкен болды. Ол адам “машқалаларды ҳәзир, усы жердиң өзинде шешиў керек, кейин имканият болмаўы мүмкин. Келисимге келиў зәрүр,” деп мәсләҳәт берди. Соннан кейин еки басшы бир стол әтирапында отырып, шегара машқаласын шештик,” – дейди Қырғызстан президенти.

Фильмде, сондай-ақ, Қырғызстан сыртқы ислер министри Жеенбек Кулубаев та әҳмийетли фактлерди ашып берди.

Оның сөзлерине бола, Президент Мирзиёев егер келиспеўшилик сапластырылмаса, регионға сырт ел инвестицияларының келмеўи, туристлер ағымы тоқтаўы ҳәм экономикалық раўажланыў изден шығыўы ҳаққында қатаң ескерткен. Болмаса, Орайлық Азия елеге шекем “артта қалған регион” сыпатында қабыл етилетуғынын атап өткен.

“Сырттан қарағанда барлық мәмлекетлердиң аты “-стан” менен тамам болғаны ушын оларды бирдей, бәрқулла тартыслы аймақ сыпатында қабыл етеди,” деген еди Өзбекстан басшысы,” – деп еслейди Кулубаев, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги